Пайтахтымыздағы «City Palace» мийманханасының әнжуманлар залы сулыў көриниске ийе болды. Ҳәр қыйлы шырақлардың жақтылығы, байрамға тән нағыслар, жанға жағымлы нама-қосықлардың ҳаўазы кеўиллерге шадлық, көтериңки кейпият бағышлады.

Бул жерде Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы тәрепинен Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, «Раўажланыў стратегиясы» орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген «Азат журт толқынлары» Х дәстүрий медиа фестивалы болып өтти.

Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң бас директоры Л.Тангриев, Журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы С.Ҳакимов, Өзбекистан жаслар аўқамы орайлық кеңеси баслығының орынбасары К.Бекназаров, «Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры А.Бурхонов, Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы баслығы Ф.Абухаликов ҳәм басқалар Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен дөретиўшилик халқына көрсетилип атырған айрықша ғамқорлық ҳәм жоқары итибар елимиздиң ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин жаңадан-жаңа жоқары шеклерге қарай ийтермелеп, дөретиўшилик жетискенликке баслап атырғанын атап өтти. Бул мәселелер «Азат журт толқынлары» фестивалы қатнасыўшылары – мәмлекетлик емес телерадиоканаллары жумысында да айқын көзге тасланбақта.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына бағышланған бул фестиваль Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияның қаржылай жәрдеминде ҳәр жылы дәстүрий шөлкемлестирилип келинбекте. «Азат журт толқынлары» фестивалына быйылғы жылы 350 ге шамалас дөретиўшилик жумыс келип түсти.

Дөретиўшилик жумыслар «Пидайыңыз болғаймыз сениң, Өзбекистан!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген ең жақсы телерадиожойбар», «2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ең белсене сәўлелендирген телерадиостанция», «Өзбекистанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў процесслерин сәўлелендириўге бағышланған ең жақсы телерадиобағдарлама», «Халық, атап айтқанда, жаслар арасында ҳуқықбузарлықтың ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў және коррупцияға қарсы гүресиўди үгит-нәсиятлаўға қаратылған ең жақсы телерадиоөним» ҳәм «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм елимизде миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеўге қаратылған ең жақсы бағдарлама» номинациялары бойынша баҳаланды.

Таңлаўда «Истиқлол» телерадиостудиясы, «Наврўз» радиостанциясы, «Mening yurtim», «Muloqot TV», «Samarqand TV» телеканаллары жеңимпаз болды ҳәм «Азат журт толқынлары» фестивалының статуэткасы, диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

– Айрықша қуўанышлыман. Елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли рефорламаларды сәўлелендириўдеги ҳәрекетлеримиз жоқары баҳаланып, таңлаў жеңимпазы болыў бизге және де күш-ғайрат бағышлайды, -дейди «Наврўз» радиосының баслаўшысы Юлдузхон Олимова. – Президентимиз тәрепинен дөретиўшилерге, соның ишинде, журналистлерге көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлықтан бәршемиз бирдей қуўанышлымыз. Әлбетте, бул сыйлық бизди жаңа шеклерге баслайды, жуўапкершилигимизди және де арттырады.

Быйылғы жылы елимиздеги мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларының қатарына «Milliy TV», », «Zo’r TV», «Caravan TV» 81м «Futbol TV» телеканаллары қосылды. Фестиваль төрешилери коллегиясының усынысына бола бул телеканаллар «Жыл жаңалығы» хошаметлеўши сыйлығы менен сыйлықланды.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы қарсаңында халқымыз көтериңки кейпият пенен жасамақта, тыныш ҳәм берекетли елимизде ийгиликли реформалар әмелге аспақта, соған ылайық дөретиўшилеримиз де белсене мийнет етпекте. «Азат журт толқынлары» Х фестивалы, әне, усы қутлы салтанатқа үнлес руўхта өтти.

Улуғбек АСРОРОВ,

ӨзА ның хабаршысы