Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти басшылығында 2017-жыл 19-декабрьде өткерилген видеоселектр мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде тараўда көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў министрликлериниң 2018-жыл 25-январьдағы «Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин жоқары мағлыўматлы жетик қәнигелер менен тәмийинлеў мақсетинде қайта таярлаў курсларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қоспа қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2018-жыл даўамында  950 педагогты мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ушын 3 бағдарда Мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси тәрбияшысы, Дефектология (логопедия), әмелий психология бойынша қайта таярлаў курсларында оқытыў режелестирилген.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында усы реже бойынша Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ушын шөлкемлестирилген кәсиплик қайта таярлаў курсларының дәслепки питкериўшилерине диплом тапсырыў кешеси болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң басшылары, тараў қәнигелери қатнасты.

Мағлыўмат ушын, 1-басқыш 2018-жыл 22-февральдан баслап 576 саатлық оқыў режеси тийкарында шолкемлестирилди. Қайта таярлаў курсларына жәми 532 тыңлаўшы қабыл етилди.

Илажда 455 тыңлаўшы курсларды табыслы тамалап қайта таярлаў курсларын питкергенлиги ҳаққында диплом алыўға миясар болды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.