Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 5-июль күни болып өткен гезектеги мәжилисинде депутатлар елимизде исбилерменлик жумысының кепилликлери ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғын ҳәм инсан саламатлығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли нызам жойбарларын көрип шықты. Күн тәртибине киргизилген барлық мәселелер жүдә әҳмийетлилиги себепли, дәслеп сиясий партиялардың төменги палаталары фракциялары және Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети мәжилислеринде көрип шығылып, қызғын  додалаўларға себеп болған еди.

Мине, сондай қызғын додалаўлардың логикалық даўамы болған мәжилисте депутатлар өз жумысларын фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын буннан былай да жанландырыў, олардың егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыўын жолға қойыў мақсетинде айырым нызам ҳүжжлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын жойбарды екинши оқыўда додалаўдан баслады.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкаларының өз-ара айырмашылығын белгилеў, дийқан хожалықларының ҳәм қыйтақ жер ийелериниң егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы жуўапкершилигин арттырады, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының бул бағдардағы жәмийетлик қадағалаўының системасын күшейтиўге алып келеди.

Буннан соң депутатлар исбилерменлик субъектлериниң бийғәрезлигин буннан былай да беккемлеў ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслықты тәмийинлеў мақсетинде Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын екинши оқыўда додалаўға өтти.

Нызам жойбары менен жеке меншик мүлк ҳуқықын, исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериў ҳәм финанс-хожалық жумысын тексериў тәртибин, лицензиялаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў, исбилерменлик субъектлерин қәўендерлик етиўге ийтермелеў ҳәм басқа да илажларға мәжбүрий тартыў және исбилерменлик субъектлеринен нызам ҳүжжетлерин бузған ҳалда артықша ҳүжжетлер талап етип алыў, улыўма нызамлы исбилерменлик жумысына араласқанлық ушын жуўапкершиликти күшейтиў белгиленбекте.

Күн тәртибине биринши оқыўда киргизилген «Инсан ағзаларын, тоқымаларын ҳәм (ямаса) клеткаларын трансплантациялаў» ҳаққындағы нызам жойбары депутатлардың жүдә талапшаңлық, дыққат пенен пикир билдириўлери негизинде қызғын додалаўларға себеп болды.

Атап өтилгениндей, нызам жойбары менен инсан ағзалары ҳәм клеткалары трансплантациясының шәртлери, тәртиби медицина илимлери ҳәм әмелиятларының заманагөй жетискенликлери тийкарында белгилеп берилмекте. Сондай-ақ, трансплантацияны әмелге асырыўдың мақсет ҳәм шәртлери, трансплантация ҳәм консервация объектлери, донорлар топары, донор ҳәм реципиенттиң ҳуқықлары және донорлардан ағза ҳәм тоқымаларды алыў шәртлери анық көрсетип өтилмекте. Мәселе тек медицинаға байланыслы емес, ал инсан өмирине тиккелей тәсир ететуғын емлеўлерге байланыслы болғанлығы себепли улыўма дүнья әмелиятында усы мәселеге қатнас бирдей емес.

Усы тараўдағы қатнасықларды тәртипке салатуғын нызам жойбары ислеп шығылып атырғанда барлық пикирлер, сырт ел тәжирийбелери үйренилди. Соның ишинде, инсан органларын көшириўге нызамлы рухсат етилген АҚШ, Канада, Германия, Франция, Израиль, Ҳиндстан, Австралия, Россия, Беларусь ҳәм басқа да мәмлекетлердиң нызамшылығы талланды. Бүгинги күнде дүньяда ҳәр жылы 200 мыңнан аслам органды көширип өткериў әмелияты орынланбақта. Түркия ҳәм Саудия Арабстанында ҳәр жылы 4 мыңға шамалас усындай әмелиятлар өткерилмекте.

Депутатлардың пикиринше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи медицина тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды дүнья стандартларына сәйкеслендириў, көплеген инсанлардың өмирин сақлап қалыў имканиятын береди. Қызғын додалаўлар жуўмағында нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Соң депутатлар исбилерменлик жумысы тараўында лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да қысқартыўға ҳәм әпиўайыластырыўға, рухсат бериў жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеўге және бизнес жүргизиўде артықша бюрократлық процесслерди түп-тийкарынан қысқартыўға, сондай-ақ, бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаўға қаратылған нызам жойбарын додалады.

Усы нызам жойбары менен медицина ҳәм фармацевтика жумысы, нәшебентлик қураллары, психотроп материаллар ҳәм прекурсорлардың айланыста болыўына байланыслы жумыс, көшпели радиотелефон (уялы) байланыс тармақлары ҳәм телерадиоеситтириў толқынларын тарқатыў тармақларынан пайдаланыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў, сондай-ақ, нефть, газ ҳәм газ конденсатын қазып алыў, қайта ислеў ҳәм сатыўды әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензиялардан тысқары жумыстың айырым түрлери менен шуғыллыныў ҳуқықын беретуғын барлық лицензиялардың әмел етиў мүддетиниң шекленбеген ҳалда берилетуғыны нәзерде тутылған.

Депутатлардың атап өтиўинше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи елимизде инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаўға және исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўге хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети