Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабанда ҳәм бажыхана нызамшылығының бузылыўына қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласында жасырын цех анықланды.

Яғный, олар тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирликте Нөкис қаласы аймағында өткерилген оператив илаж даўамында пуқара А.У. тәрепинен шәртли қарыйдарға ҳәр блокта сыйымлылығы 0,5 литр болған    12 данадан ибарат жәми 30 блокта 360 шийшеге қадақланған арақларды        4 миллион 140 мың сумға сатып атырған ўақтында илаж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынды.

Тексериў даўамында ҳеш қандай ҳүжжетлери болмаған 154 шийше “Qarataw” арағы, 1849 дана “Qarataw” этикеткалары, 623 дана арақ шийшеси пробкалары ҳәм қолдан исленген арақ таярлаўда ислетилетуғын ҳәр қыйлы акциз маркалары, желим ҳәм басқа да үскенелер айғақлы зат ретинде алынды.

  • Усы жылдың өткен дәўири ишинде бажыхана хызметкерлери тәрепинен усындай 15 факт анықланып, ҳуқықбқузарлардан 30 миллион 252 мың сумлық 821,2 литр спирт ҳәм алкоголь өнимлери айғақлы зат ретинде алып қойылды,-дейди бажыхана аға инспекторы Жеңис Сапарбаев.

Усы бағдардағы илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.