Ҳәммемизге белгили, 2018-жыл 6-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Физикалық шахслар тәрепинен бажыхана шегарасы арқалы товарларды алып өтиўди және де тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Онда физикалық шахслар тәрепинен бажыхана шегарасы арқалы товарларды алып өтиўдиң нормалары белгиленген. Сондай-ақ, бир қатар жеңилликлер жаратылған. Бул туўралы алдыңғы мақалаларымызда мағлыўматлар берилген еди.

Бирақ соған қарамастан айырым пуқаралар елеге шекем нызамды шетлеп өтиўге ҳәрекет етпекте.

Жақында, 334-санлы «Саратов-Ташкент» жөнелисиндеги жолаўшы поездының ресторан вагоны бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, үш жолаўшының бажыхана декларациясына жазылмаған, аўыз-еки сораўда айтылмаған, улыўма баҳасы  205 миллион сумлық 188 дана газ есаплағышларды нызамсыз түрде ресторан вагонының жуўыныў ханасына жасырып алып киятырғаны анықланды.

Сондай-ақ, «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы кирип келген Россия Федерациясы пуқарасы Б.Р. басқарыўындағы автобус бажыхана тексериўинен өткерилгенинде усы автотранспорттың төбесине қупыя түрде жасырылған 2100 дана “Serbetli” атлы кальян ушын ароматизаторлар анықланды.

Ал, 330-санлы «Москва-Куляб» жөнелисиндеги жолаўшы поезды бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, қоңсы мәмлекет пуқарасы И.С.         5-вагонның арқа ҳәжетханасына 25 дана 12 калибрли аў мылтығының гильзаларын, 1991 дана капсюльды, Альбумин, Нейрокс ҳәм Конкор атлы дәри-дәрмақларды нызамсыз түрде Россия Федерациясынан Өзбекстан Республикасына жасырып алып киятырғанлығы анықланды.

Мағлыўмат ушын, 2018-жылдың өткен алты айы ишинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен усындай 310 ҳуқықбузарлық ҳалатлары анықланып, пуқаралардан 680 миллион 747 мың сумлық товар материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде алып қойылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.