Израил мәмлекетиниң Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси  Эдуард Шапира еки күнлик сапар менен  республикамызға келди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде елшини қабыллаў мәресими болды. Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, еки ел арасында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм басқа  да қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Әсиресе, аўыл хожалығы тараўындағы биргеликтеги жойбарлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Өз гезегинде Израил мәмлекетиниң елимиздеги елшиси  Эдуард Шапира жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди. Алдағы ўақытлары аўыл хожалығы, туризм, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўларын буннан былай да раўажландырыўда, Арал бойында жүзеге келген экологиялық машқалаларды шешиўде бирге ислесетуғынлығын билдирди.

Буннан кейин мийманлар Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасының республикамыздағы офисинде болып, «Арал регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик қорын шөлкемлестириў арқалы Арал теңизи апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслары менен танысты. Атап өтилгениндей, бул жойбар 2016-жылдың май айында басланған болып, келеси жылдың май айына шекем даўам етеди. Бундағы тийкарғы мақсет, республикамыздың Шоманай, Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районлары халқының турмыс шараятын жақсылаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, район турғынларына көрсетилип атырған ҳәр қандай хызметтиң сапасын арттырыўдан ибарат.

Елши сондай-ақ, Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими жанында шөлкемлестирилген миллий өнерментшиликти раўажландырыў орайының жумыслары менен танысты. Бул орай 2014-жылы БМШның «Арал апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс тәризин жақсылаў» Раўажландырыў Бағдарламасы щеңберинде ЮНЕСКОның қоллап-қуўатлаўында ашылды.

Орайдың атқаратуғын тийкарғы ўазыйпасы, миллий өнерментшилик ҳәм туризмди раўажландырыў арқалы жергиликли халықтың социаллық-экономикалық турмыс шараятының жақсыланыўына үлес қосыў, соның менен бирге, республикамыздағы бай мәдений мийрасларды қайта тиклеў және оны келешек әўладқа сақлап қалыў болып табылады.

Күнниң екинши ярымында мийманлар Нөкис районындағы балықшылыққа қәнилестирилген «Nukus Agro Fish» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде, Қараөзек районындағы шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген «Panaev farms» фермер хожалығында болып, жумыслар менен жақыннан танысты.

Израил мәмлекети елшисиниң республикамызға сапары даўам етпекте.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери