Әмелдеги миллий транспорт басқарыў гүўалықларын жаңа үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалықларына алмастырыў процеси 2017-жыл 1-октябрьден басланды. Бул процесс 2020-жылдың 31-декабринде жуўмақланыўы белгиленген. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Мағлыўматта жазылыўынша, гөне үлгидеги транспорт басқарыў гүўалықлары 2021-жылдың 1-январынан баслап ҳақыйқый емес деп есапланады.

Жаңа үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалығының әмел етиў мүддети 10 жыл етип белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.