Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың мирәт етиўине бола      6-июль күни Қазақстанға барды ҳәм Астана қаласының 20 жыллығына бағышланған салтанатлы илажға қатнасты.

Президентлер дәслеп жақында ашылған «Астана» халықаралық финанс орайын барып көрди. Бул орайда исбилерменлер ушын жаратылған шараятлар, келешекке мөлшерленген режелер менен танысты.

Орайдың жумысы халықаралық қаржы институтларының тәжирийбеси тийкарында жолға қойылған. Орай ағзалары ушын елиў жылға шекем салық жеңилликлерин бериў, виза, валюта ҳәм ис жүргизиў системасын жеңиллетиў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул заманагөй ҳәм инновациялық финанс орайы туўысқан Қазақстанның үлкен жетискенлиги екенин атап өтти.

Ғәрезсизлик сарайында Астана қаласының 20 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев бул тарийхый сәне менен Қазақстан халқын ҳәм Президент Нурсултан Назарбаевты қызғын қутлықлады.

Астана қаласы жаңа, ғәрезсиз ҳәм избе-из раўажланып атырған Қазақстанның жарқын тымсалы болып табылады. Оның келбетинде қазақ халқының бай мәденияты ҳәм дәстүрлери, заманагөй архитектураның жетискенликлери жәмленген. Бул қала ири экономикалық ҳәм финанс орайы, халықаралық форум ҳәм ушырасыўлар майданы болып та табылады, деди Шавкат Мирзиёев.

Қазақстанның табыслары жақын дос ҳәм қоңсы сыпатында Өзбекстанды қуўандыратуғыны атап өтилди. Турақлы ушырасыўлар менен илажлар халықларымыз арасындағы дослықты ҳәм бирге ислесиўди еле де жоқары басқышқа алып шығатуғынына исеним билдирилди.

Бизге белгили, 1994-жыл 6-июльде  Қазақстан Жоқарғы Кеңеси мәмлекет пайтахтын Алматадан Ақмолаға көшириў ҳаққында қарар қабыл еткен еди. Президент Нурсултан Назарбаевтың пәрманына муўапық,  1997-жыл 10-декабрьде Ақмола қаласы Қазақстан Республикасының пайтахты, деп рәсмий түрде жәрияланды. 1998-жыл 6-май күни Ақмола қаласының аты Астана деп өзгертилди. 2008-жылы қабыл етилген нызамға муўапық «6-июль – Пайтахт күни» мәмлекетлик байрамы етип белгиленген.

Өткен дәўирде қала аймағы бираз кеңейип, заманагөй имаратлар қурылды. Астана мәмлекеттиң тек ғана сиясий емес, ал экономикалық, социаллық, мәдений орайына айланды.

Бул жерде регионаллық ҳәм халықаралық көлемдеги илажлар өткерилип атыр. Соның ишинде, Қазақстан пайтахтында 2017-жылғы халықаралық қәнигелескен көргизбе өткерилди.

Астана тарийхында елимиз ушын да итибарға ылайық тәреплер көп. Өзбекстанның Президентлери, парламент ҳәм ҳүкимет делегациялары бул жерге бир неше мәрте барған.

Президент Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 22-23-март күнлери мәмлекетлик сапар менен Астанада болған еди. Сол сапар етиўдиң нәтийжесинде Өзбекстан менен Қазақстан арасында бирге ислесиў буннан былай да раўажланып, қолда бар үлкен потенциал жүзеге шықты. Өз-ара саўда көлеми ҳәм номенклатурасы кеңейди.

Аймақлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы байланыслар жеделлести. Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў беккемленди. 2018-жыл –  Қазақстанда Өзбекстан жылы шеңберинде көплеген мәдений-ағартыўшылық илажлар, әдебий ушырасыўлар өткерилмекте.

Мәмлекет басшылары 2017-жыл июнь айында Астана қаласында  өткерилген Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм сентябрьде Ислам бирге ислесиў шөлкеми саммитлерине де қатнасты.

Рәсмий Астана Шавкат Мирзиёевтиң регион еллери басшыларының ушырасыўын шөлкемлестириў басламасын бириншилерден болып қоллап-қуўатлады. Быйыл 15-март күни Астана қаласында Орайлық Азия мәмлекет басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўы болып өтти. Бул тарийхый саммит регион мәмлекетлери арасындағы өз-ара исеним, шериклик ҳәм жақын қоңсышылық қатнасықларының жаңа басқышын баслап берди.

Астана қаласының 20 жыллық илажлары және бир қызғын диалог майданы болды. Юбилейге Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳман да барды.

Салтанатлы мәресимде елимиздиң көркем өнер шеберлери тәрепинен де нама-қосықлар, аяқ ойынлар атқарылды. Байрам илажлары халықларымыз дослығының, мәдений жақынлығының және бир көриниси болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти  Шавкат Мирзиёев Қазақстанға сапар етиўи ўақтында Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыў өткерди.

Диалогта еки елдиң бирге ислесиў перспективалары, сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер додаланды.

Мәмлекет басшылары жоқары дәрежедеги болажақ илажлардың күн тәртибин де көрип шықты.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға сапар етиўи жуўмақланды.

ӨзА