Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде магистратура қәнигелиги ҳәм бакалавр бағдары питкериўшилерине  диплом бериў кешеси болып өтти. Кешеге барлық питкериўшилер, олардың ата-аналары, профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Кешени университет ректоры А.Реймов ашты ҳәм барлық питкериўшилерди бүгинги қуўанышлы күни менен қутлықлады.

Кешеге “Нураний” қорыныӊ Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Ш.Уснатдинов,”Нураний” қоры университет Кеңесиниӊ баслығы, профессор Б.Абдикамаловлар  шығып сөйлеп,быйлғы питкериўши жаслардың жетискенликлери, оларға жаратылған имканиятларға кеӊ турде тоқтап өтип , питкериўшилерге табыслар тиледи.

Быйылғы жылы университетти 1 Президент стипендианты,  Улуғбек, Беруний, Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендиантлар ,  20 айрықша диплом менен жәми 42 магистр  ҳәм 2043 бакалавр бағдары бойынша студент-жаслар табыслы питкерип шықты.

Кеше соңында республикамызға белгили көркем өнер ғайраткерлери ҳәм «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

З.Абубакирова ,

ҚМУ журналистика қәнигелигиниӊ 3-курс студенти