7-июль күни Тақыятас районында жасайтуғын С.Ю.дың үйинде өрт жүзеге келген. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыс басқармасы хабар бермекте.

Көрилген оператив илажлар нәтийжесинде өрт өширилген. Бирақ, өрт ақыбетинде үйдиң 12 кв.м. майданы жанып кеткен. Өрт өшириў ўақтында С.Ю.дың бирге жасаған баласы А.Ю.дың күйген денеси табылған.

Тексериў нәтийжелерине муўапық, өрт электр сымларының қысқаша тутасыўы ақыбетинде жүзеге келгенлиги анықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги