Усы жыл 28-июньнен 4-июль күнлери аралығында Жиззақ ўәлаятының Зомин қаласында спорттың бокс түри бойынша 2004-2005-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги хабар бермекте.

Чемпионатқа Қарақалпақстан Республикасынан ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, барлық ўәлаятлардан жәми 300 ге шамалас спортшылар  18 салмақ категориясында қатнасты.

Чемпионатқа 17 қарақалпақстанлы боксшы қатнасып, жарыс жуўмағында 66 кг салмақта Мийрибек Дәўлетбаев  ҳәм  70 кг салмақта Алпамыс Жолдасбаевлар алтын,  60 кг салмақта Темирхан Мақсетбаев гүмис,   42 кг салмақта Ерназар Төребаев, 48 кг салмақта Жавохир Матниязов ҳәм 63 кг салмақта Ерназар Кеңесбаевлар қола медалын жеңип алды.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы