Ҳәзирги күнге келип Өзбекстанда ажырасыў ҳалатларының улыўмалық көрсеткишлери бираз көбейген – 31 930 (бир жыл алдынғы көрсеткиш болса – 29 647), олардың көпшилиги шаңарақтағы өз ара келиспеўшиликлер себепли келип шыққан. Kun.uz хабаршысы ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Мукаррам Нурматованың Халықаралық пресс-клубтың ПҲАЖ органлары жумысларына бағышланған сессиясы шеңберинде берген интервьюсына тийкарланып усы ҳаққында хабар бермекте.

Оның сөзлерине қарағанда, Өзбекстанда ажырасыў көрсеткишлери өткен жылға салыстырғанда бираз көбейген, бирақ айрым аймақларда бул көрсеткишлер азайған.

«Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларында ажырасыў жағдайлары азайғаны дизимге алынған. Ташкент қаласында да 4 еўге азайған болса да, бизлер ушын бул да нәтийже болып табылады», – деген ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары.

 

Илажда атап көрсетилген мағлыўматларға қарағанда, 2017-жылы дизимге алынған ажырасыўлардың себеплери төмендегилерден ибарат:

– өз ара келиспеўшилик – 67,4%;

– басқа шаңарақ қурып жасап атырғанлығы – 6%;

– бийперзентлик – 4,7%;

– бир тәрептиң басқа мәмлекетке шығып кеткенлиги – 3,8%;

– узақ ўақыт бирге жасамағанлығы – 2,9%;

– қыянет ҳәм басқа себеплер – 2,8%.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги