Республикамызда аймақларды раўажландырыў бойынша төрт сектордың жумыс алып барыўы жолға қойылған болып, олар тәрепинен бүгинги күнде бир қатар жумыслар исленбекте. Үшинши сектор басшысы, яғный,  Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министриниң Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларының атыз мийнеткешлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде атыз басына барып ғәлле орым-жыйын мапазында белсендилик көрсетип атырған комбайн басқарыўшыларына саўғалар тапсырғаны усындай илажлардан бири болды.

 

 

– Бизиң «Зайыр» фермер хожалығында да жумыс қызғын пәт пенен алып барылмақта, – дейди хожалықтың комбайн басқарыўшысы Жеткербай Абдуллаев. – Жәмлескенлик үлгисин көрсетип, күни-түни атыз басынан табылатуғын мийнеткешлерге ҳармасын айтып, жағдайынан хабар алып,  өзлериниң итибарын, ҳүрметин билдирип атырғаны ушын Ишки ислер министрлигине миннетдаршылық билдиремен.

Соның менен бирге, сектор басшылары кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға да материаллық және әмелий жәрдем көрсетип халықтың алғысына сазаўар болмақта.

 

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы