Усы жылдың 7-10-июль күнлери Өзбекстан аймағына Иран аймақларынан Түркменстан арқалы қурғақ ҳәм оғада ыссы ҳаўа ағымы кирип келиўи мүмкин. Бул ҳаққында Өзгидромет хабар бермекте.

Елимизде ҳаўаның температурасы орташа 5-7ºС ға шекем көтериледи. Күн даўамында ҳаўа орташа 40-43ºС қа ысыйды.

Бухара, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында ҳаўаның температурасы 44-45ºС қа шекем ысыўы мүмкин.

7-10-июль күнлери бақланатуғын бундай ыссы температура нәтийжесинде Тәжикстан ҳәм Қырғызстан таўларындағы музлықлар ерип, Өзбекстанның таўлы ҳәм таў алды регионларында музлы сел болыў қәўпин жүзеге келтиреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.