«GM Uzbekistan» өзиниң Telegram бот платформасын жаңалады, деп жазады Daryo.uz сайты.

Буннан былай боттан еки тилде (рус ҳәм өзбек тиллеринде) пайдаланыў, ол арқалы арза ҳалатын бақлап барыў (модель, модификация, рең) ҳәм қол қойылған шәртнаманың ҳалатын да бақлап барыў мүмкин болды.

Сондай-ақ, бот арқалы автомобильлер ҳаққында мағлыўмат алыў, олардың баҳаларын билип алыў, жаңалықлардан хабардар болыў мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги