Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы, Жазыўшылар аўқамы, Миллий телерадиокомпания, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Көркем өнер академиясы, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм бийғәрез баспа ғалаба хабар қураллары менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры елимиз ғәрезсизлигиниң  жигирма жети жыллығына бағышлап  «Ең уллы, ең әзиз»  дәстүрий таңлаўын жәриялайды.

Таңлаўға «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» деген жақсы идеяны өзинде жәмлеген ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының мазмунына муўапық дөретилген, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў, әсиресе, халық пенен турақлы пикирлесиўди жолға қойыў, инсан мәплерин тәмийинлеў, нызам үстинлигине ерисиў ҳәм суд-ҳуқық системасын  буннан былай да реформалаўды жарытатуғын, тынышлық-абаданлықты ҳәм қәўипсизликти, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў, сыртқы сиясат тараўында барлық узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы байланысларды жедел раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың мазмун-мәнисин турмыслық мысаллар арқалы ашып беретуғын дөретиўшилик шығармалар қабыл етиледи.

«Ең уллы, ең әзиз» таңлаўы төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:

жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары;

– баспа ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң мақалалары;

– ғалаба хабар қуралы сыпатында мәмлекетлик дизимге алынған веб-сайтлардағы хызметкерлердиң журналистлик жумыслары;

– телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары;

– сүўретлеў өнери, фото шығармалар ҳәм дизайн жумыслары;

– кино көркем өнери дөретпелери.

Таңлаўға усынылған дөретиўшилик жумысларға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етилиўи зәрүр:

– автор ҳәм оның профессионал жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат;

– автордың паспорт  нусқасы;

– жумыс орнынан усыныс хат;

– автордың мәнзили ҳәм байланыс телефонлары.

Таңлаўға 2017-жылдың 1-августынан 2018-жылдың 1-августына шекемги болған дәўирде анық басып шығарылған әдебий-көркем шығармалар, газета-журналлар ҳәм интернет басылымларында жәрияланған мақалалар, радио ҳәм телевидение каналларында эфирге жиберилген материаллар, көрсетилген сүўретлеў өнери ҳәм кино көркем өнери дөретпелери усы жылдың 3-августына шекем қабыл етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамы қарсаңында сыйлықланады ҳәм олардың дизими баспасөзде жәрияланады.

Дөретиўшилик жумыслар «Ең уллы, ең әзиз»  таңлаўына деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзилге жиберилиўи керек:

100129, Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай.

Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги,

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы,

Өзбекстан «Сүўретлеў айнасы» дөретиўишилик аўқамы.

Телефонлар: 244-12-61; 244-64-61; 244-11-64.