Аннақулов Бахытбай Қыдырбаевич Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри лаўазымында өз жумысын баслады.

Б.Аннақулов алдын Қарақалпақстан Республикасы туқымгершиликти раўажландырыў орайы басқармасының баслығы лаўазымында ислеген. Оған шекем Қарақалпақстан Республикасы агрохимиялық станциябаслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасында быйылғы жылы Аўыл ҳәм суў хожалығы бөлинип, еки министрликке айландырылған еди. Суў хожалығы министри сыпатындаалдын Төменги Әмиўдәрья ирригациялық тармақлары бассейни басқармасының баслығы лаўазымында ислеген Жалғас Узақов жумыс алып бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги