3-июль күни Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Даналық ҳәм белсендилик сиясий жетекшиликтиң факторы» сүрени астында «XXI әсир ҳаялы»  таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Оған партияның республикалық Кеңесиниң ағзалары, атқарыў комитетиниң аппарат хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, «Ҳаяллар қанаты» белсендилери қатнасты.

Таңлаўдың ашылыў мәресиминде ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Т.Романов шығып сөйлеп, усы таңлаў елимиз жаслары, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында талант ийелерин анықлаў, олардың руўхый, ҳуқықый ҳәм сиясий мәдениятын арттырыў, сиясий жетекшилерди қәлиплестириў, қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў мақсетинде он жылдан бери өткерилип киятырғанлығын атап өтти.

Таңлаў режесине бола қатнасыўшылар «Партия мениң тәғдиримде», «Партия турмысындағы басламаларым», «Партия бағдарламасы ҳәм нызамшылыққа усыныслар» атамасындағы үш шәрт бойынша өз-ара беллести.

Таңлаўда жеңимпазлар анықланып, Нөкис районынан Шахсәнем Асқарова биринши, Нөкис қаласынан Наргиза Балтабаева, Әмиўдәрья районынан Ирода Яхшимуратова екинши, Елликқала районынан Зебо Юсупбаева, Кегейли районынан Нәўбәҳәр Дәўенова үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Таңлаўда жас өнерментлер тәрепинен таярланған көргизбелер шөлкемлестирилип, көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).