Елимизге сапар етип келген «Болгария-Өзбекстан» дослық топарының баслығы Адлен Шукри Шевкед басшылығындағы Болгария Республикасы Халық мәжилиси делегациясы 2-июль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўде төменги палатаның Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитет баслығы А.Жалилов Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық елимизде жәмийетлик-сиясий, сыртқы сиясат тараўында кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Өзбек ҳәм болгар халықлары арасындағы байланыслар көп дәўирлерди өз ишине алады. Бүгинги күнге келип еллеримиз саўда, инвестиция, транспорт, туризм, илим ҳәм мәденият тараўларында өз-ара бирге ислесип келмекте.

Илажда мийманларға Нызамшылық палатасының жумысы, системадағы жаңалықлар ҳаққында айтып берди. Парламентлераралық байланысларды буннан былай да жеделлестириў және жақын келешекке мөлшерленген өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша пикир алысылды.

Адлен Шукри Шевкед қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан-Болгария бирге ислесиўи соңғы жылларда жаңа басқышқа көтерилгенин, бул сапар етиў парламентлераралық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Сөйлесиў даўамында экономикалық бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелери – санаат, транспорт коммуникациялары, туризм, сондай-ақ, заманагөй биргеликтеги санаат кәрханаларын шөлкемлестириўдиң перспективалы бағдарлары бойынша пикир алысылды.

Болгария делегациясы сол күни Туризмди раўажландырыў ҳәм инвестцииялар бойынша мәмлекетлик комитетлеринде де сөйлесиўлер өткерди.

Гўзал САТТОРОВА,

ӨзАның хабаршысы