Ўзбекистон карлар жамияти аъзоларига Президентимиз совғалари топширилди

Бурын хабар етилгениндей, Президентимиз Шавкат Мирзиёев Алмазар районына сапар етиўи ўақтында Өзбекстан гереңлер жәмийетиниң Гүң ҳәм гереңлер жәмийетинде болып, социаллық қорғаўға мүтәж халықтың қатламын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар менен танысып, мәденият орайына еки автобус, Гереңлер жәмийетиниң үш ағзасына Ташкент қаласынан жай саўға еткен еди. 1-июль күни Өзбекстан гереңлер жәмийетинде бул саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажға министрликлер менен ведомстволардың басшылары, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан гереңлер жәмийетиниң ағзалары қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Н.Отажонов, А.Абдуҳакимов, Алмазар районы ҳәкими Б.Раҳмонов елимизде майыплығы болған пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс шараятын жақсылаў мәселесине айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Президентимиздиң 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм усы жыл 11-июньдеги «Халықтың социаллық әззи қатламының бәнтлигин тәмийинлеўди хошаметлеўдиң шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаўды күшейтиўде, оларды турақ жай менен тәмийинлеўде, медициналық хызметлерден пайдаланыўында жаңа жеңилликлер белгиленди.

Усы ҳүжжетлерге муўапық Өзбекстан Гереңлер жәмийети Гүң ҳәм гереңлер мәденият орайының 450 орынлық имараты түп-тийкарынан оңланып, заманагөй үскенеленди. 6 гектардан ибарат аймақ дем алыў орнына айландырылды. Жәмийет ағзалары жасайтуғын төрт қабатлы жатақхана оңланып, шаңарақларға газ плита ҳәм басқа да турмыслық техника үскенелери тапсырылды. Аймақта 600 орынлық тигиўшилик кәрханасы қурылып, бүгинги күнде 100 ден аслам ҳаял-қыз жумысқа орналастырылды.

Президентимиз жәмийет ағзалары менен сәўбетте олардың жасаў шараяты, дем алыўы, саламатлығы, перзентлериниң билим алыўы менен қызығып, бул мәселелер мәмлекетимиздиң қадағалаўында екенин атап өтип, жақын ўақытта гүң ҳәм герең балалардың саўатлылығын, тәрбиясын, жумыс ислеў ҳәм емлениў шараятларын жақсылаўға қаратылған айрықша қарар таярлаў бойынша тапсырма берди.

Шахмат бойынша еки мәрте жәҳән чемпионы Сирожиддин Зайниддинов, таэквондо бойынша Азия чемпионатының сыйлы орын ийеси Даврон Хидиров ҳәм аяқ ойын дөгереги басшысы, халықаралық таңлаўлардың жеңимпазы Олег Ошепковқа жай, Гүң ҳәм гереңлер мәденият орайы ағзаларының дөретиўшилик сапарларына қолайлылық жаратыў мақсетинде еки автобус саўға етилетуғынын айтты.

Илажда бул саўғалар өз ийелерине тапсырылды. Ташкент қалалық гүң ҳәм гереңлер мәденият орайына ҳәм Өзбекстан гүң ҳәм гереңлер спорт федерациясына автобуслар саўға етилди.

– Президентимиздиң Өзбекстанда ҳәр бир адам мен ушын қәдирли деген сөзлери тек ғана мени емес, ал ҳәр бир ананың көзлерине жас қалқытты. Себеби, ол инсанның итибары, мине, усындай перзенти бар ата-аналардың қәлбинде де өмирге болған үмит ушқынын оятты, – дейди таэквондо бойынша Азия чемпионатының сыйлы орын ийеси Даврон Хидировтың анасы Гулнора Хидирова. – еки ул, еки қызым бар. Перзентлеримниң арасында Давронға көбирек меҳир берип өсирдик. Балам жәмийеттиң толық ағзасы болыўы ушын еткен тынымсыз мийнетлериниң арқасында усы дәрежеге жетисти. Қуда қәлесе, оның шәкиртлери де жарысларда абыройлы орынларды ийелеп, елимиздиң даңқын дүньяға танытыўға үлес қосады.

– Президентимиздиң итибарынан толқынланып кеттим, – дейди Даврон. – Бул мен сыяқлы  жаслардың да қыйыншылықларды жеңип өтиўине мәдет береди. Мәмлекетимиздиң маған берген меҳрин, әлбетте, ақлайман.

Салтанатлы байрам бағдарламасы, пайызлы дастурхан әтирапындағы сәўбет жәмийет ағзаларына үлкен заўық бағышлады.

37.JPG

49.JPG

8.JPG

13.JPG

40.JPG

47.JPG

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы