«Өзэкспоорай»да Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясы болып өтти. Бул сессия Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылған Өзбекстан Республикасы салық сиясатын жетилистириў концепциясының эксперт-жәмийетшиликтиң додалаўына бағышланды.

Оған тийисли министрликлер менен ведомстволардың ўәкиллери, салыққа тартыў тараўындағы экспертлер, бизнес-жәмийетшилиги, дипломатиялық корпус, халықаралық қаржы институтлары, жетекши ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.

Айырым адамларда салық ҳаққында надурыс түсиник қәлиплескен. Олар өзлери төлеп атырған салықларды кимгедур солайынша берип жиберип атырғандай түсинеди ҳәм салықлардан қашады. Тийкарында, өз ўақтында төленген салықлар бул – бизди қорғап атырған армия, заманагөй мектеп, терең билимлендириў, сапалы медицианалық хызмет, тегис ҳәм айдын жоллар, өз ўақтында берилетуғын айлықлар менен пенсиялар, қулласы, қолайлы турмыс тәризимиз ушын мәмлекет жумсайтуғын қаржы болып табылады. Ҳәр кимниң төлеген салығы шынжырлы система арқалы өзине қайтып келеди.

Президентимиздиң 2018-жыл 29-июньдеги «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында»ғы пәрманы салық сиясатында жаңа бет ашты. Жаңа салық концепциясы бул сапар тар шеңберде, тыныш кабинетлерде қабыл етилмеди. Керисинше, 3 ай даўамында жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды. Ғалаба хабар қуралларында, телевидениеде, радиода ҳәм социаллық тармақларда жүдә көп тартыслар болды. Мыңлаған пикир-усыныслар билдирилди.

Өзбекстан Республикасы салық сиясатын жетилистириў концепциясында салыққа тартыў системасын түп-тийкарынан реформалаў, соның ишинде, салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерди қысқартыў, нәтийжесиз салық жеңилликлерин бийкар етиў нәзерде тутылған. Қолайлы бәсеки орталығын жаратыў, салық нызамшылығының турақлылығын ҳәм жеңиллетилиўин тәмийинлеў, салық жүклемесин азайтыў, республикамыздың инвестициялық тартымлылығын арттырыў және салық ҳәкимшилигин жетилистириў концепцияның тийкарғы мақсетлери есапланады.

Додалаўлар даўамында қатнасыўшылар, салық сиясатын жетилистириў жолында бул концепцияда нәзерде тутылған шешимлерди көрип шығып, пәрманда белгилеп берилген системалы машқалаларға толық тоқтап өтти.

– Бул концепцияның әҳмийети оғада үлкен, не ушын? Цифрлар бойынша мысал келтиремен, бүгинги күнде Өзбекстанда 13 миллион мийнетке жарамлы халық болса, физикалық шахслардан алынатуғын салық төлемлери бойынша салық төлеп атырғанлар 4 ярым миллионды қурайды, 3,3 миллион адам пенсионер. Буннан көринип турғанындай, 4 ярым миллион адам пенсияны тәмийинлеп бериўи керек. Бул көрсеткиш Европаның ең қартайып атырған еллерине тән. Бизде тийкарынан жас миллет болыўына қарамастан усындай жағдай. Мәмлекетимиз басшысының бул мәселелерди де ойлап, ҳәр тәреплеме пуқта пәрман қабыл еткени салық сиясатындағы өзгерислер, раўажланыў ушын үлкен қәдем болды. Бунда тийкарғы итибар әдалатлы салық төлеўге ҳәм салық жүгин кемейтиўге қаратылмақта. Мысалы, қандайда бир үлкен өндирислик кәрхана 30 миллион АҚШ доллары активи болса да, өзин киши кәрхана деп дизимнен өткерип 5 процентлик салық төлесе. Бул надурыс жағдай, – деди Өзбекстан Республикасы қаржы министри Жамшид Қўчқоров.

Өзбекстан Республикасы салық сиясатын жетилистириў концепциясы шеңберинде 2019-жыл 1-январьдан, мийнетке ҳақы төлеў фондына салық жүклемеси, барлық физикалық шахслардың дәраматларына 12 процентлик бирден-бир салық ставкасын енгизиў арқалы төменлетиледи, соннан 0,1 проценти жеке топланып барылатуғын пенсия есап-бетлерине қаратылады, сондай-ақ, пуқаралардың социаллық төлемлери бийкар етиледи. Бизнес ушын бирден-бир социаллық төлем ставкасы 15 проценттен 12 процентке шекем төменлетиледи.

Юридикалық шахслар айланыслары (нақ пул түсими)нан өндирилетуғын мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалар бийкар етиледи, юридикалық шахслардың пайдасына салық ставкасы 14 проценттен 12 процентке шекем, коммерциялық банклер ушын болса 22 проценттен 20 процентке төменлетиледи. Қосымша қунға салық ставкасының 20 процентлик ҳәзирги муғдары сақлап қалынады, бунда салық есабы толық системалы енгизиледи, салыққа тартыў базасы анықластырылады, жеңилликлер саны кемейтиледи ҳәм 2019-жылдың жуўмақлары бойынша бул салық ставкасы төменлетиледи.

Қабыл етилген концепция жәмийетшилик тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар тийкарында қайта исленген және бизнес ҳәм социаллық кепилликлер тәмийинлеўшиси есапланған мәмлекеттиң мәплери есапқа алынған.

Нурулло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы