Жаз мәўсими келгенде ағын суўға ямаса көллерге шомылыў күнделикли әдетке айланады. Жылына бир мәрте жаз келеди деп қуяш нурында қарайыўды хош көретуғын инсанлар да арамызда бар. Қуяш нурын қабыллаўдың да өз тәртиби ҳәм нормасы бар. Себеби, бул тәртипти сақламаў денениң қуяш нурларына күйип қалыўына, организмниң нормадан көп күйиўине ҳәм күн өтиўине алып келиўи мүмкин. Төменде сиз балаларыңыз қуяш нурына күйип қалса не ислеў керек екенлиги менен танысасыз.

 

Тери күйиўиниң белгилери:

– дәслеп күн түскен жерлер қызарып, исинеди, базыда қалтыратып тоңдырады;

– денениң температурасы көтериледи;

– бас аўырады;

– жүрек көтериледи.

 

Бала күнге күйгенде не ислеў керек?

  1. Алды менен баланы тынышландырың, соң салқын компресс ислеп алың. Оларды таярлаў ушын ромашка ҳәм алоэниң суйықлығынан пайдаланың.
  2. Егер аптечкаңызда хлоргексидин ямаса мирамистен исленген антисептиклер болса оларды қолланыўға болады. Есиңизде болсын, бундай жағдайда спирт қолланыўға болмайды.
  3. Егер де балаңыздың температурасы қатты көтерилсе, шыпакер келгенше өз нормасында парацетамол ямаса нурофен бериң.
  4. Көбирек газсыз минерал суў ишкизиң.
  5. Айрым адамлар бундай жағдайда өсимлик майын териге жағады. Бирақ өсимлик майы қурамындағы спирт бөлекшелери териге зыян жеткереди.
  6. Күнге күйген жерге сүртилетуғын дәрилер шыпакерлер тәрепинен белгиленеди. Сол себепли, шыпакерге мүрәжат еткен мақул болады. Көпшилик жағдайда шыпакерлер антигистамин усынады, олар исиниўди ҳәм қышыўды азайтады.

 

Қандай ўақытта тез жәрдем шақыртыў керек?

  1. Ыссы ямаса күн өтиўдиң белгилери болғанда: баланың дене температурасы көтерилсе, қусыў, бас аўырыў, есинен танып қалғанда.
  2. Бала еле бир жасқа толмаған болса. Баланың жағдайын баҳалаў мүмкин емес, оны шыпакер көргени мақул.
  3. Егер көзи күйген болса, оны офтальмологқа көрсетиў керек, ол асқыныўларды болдырмаўдың илажын ислейди.

 

Күнге күйиўдиң алдын алыў илажлары

  1. Сейилге шығыўды ерте таңнан ямаса кешки ўақытқа режелестириң, ал түски ўақытта саялы-салқын жерде дем алғаныңыз мақул.
  2. Аяқ-қолларды жаўып туратуғын пахтадан исленген қолайлы кийим, қуяш нурларынан сақлайтуғын көзәйнек жаныңызда болсын.
  3. Балаларды ультрафиолет нурлардан қорғайтуғын арзан баҳадағы кремлер бар, оларды тек ыссы күнлерде емес, турақлы қолланыўға да болады. Бундай кремлер 2 жастан баслап балаларға жағылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.