Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында, Шоманай районында да болып, республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў, қала ҳәм районларымызды абаданластырыў бойынша бир қатар усыныслар берген еди. Халық пенен ушырасыўда шоманайлы жас исбилермен Сейдабулла Медетов Президентимизге район орайынан «Китап әлеми» дүканын ашыў бойынша усыныс пенен шықты. Усыныс Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қоллап-қуўатланып, жас исбилерменге «Мәҳәлле» фондының қәўендерлиги есабынан 500 миллион сум муғдарындағы қаржы ажыратылды.

Район ҳәкимиятының басшылығында ҳәкимият имараты жанындағы бос жатырған жерден китап дүканы қурылысы ушын орын ажыратып берилип, жумыслар тез пәтлер менен әмелге асырылды.

Нәтийжеде елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы алдынан усы объект толығы менен қурып питкерилди.

20-август күни усы китап дүканының ашылыў мәресими болып өтти.

Илажды район ҳәкими Б.Янгибаев алып барды.

Оған Қарақалпақпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекистан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, «Мәҳәлле» фонды Қарақалпақстан Республикалық бөлими, Мәлимлеме-русурс орайы басшылары, райондағы кәрхана ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, оқыўшы жаслар, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Салтанатлы илажда Қарақалпақпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекистан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң басқарма баслығы У.Эшмухамедов, «Мәҳәлле» фонды Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығының орынбасары Н.Жамалов, нураный оқытыўшы А.Турдымуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, районның шырайына шырай қосатуғын және бир заманагөй имараттың қурып питкерилгени менен ҳәммени қызғын қутлықлады.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Президентимиз сапарынан соң район мисли бир қурылыс майданына айланғандай болды.

Дәслеп районда жолаўшы тасыў хызметин жақсылаў бойынша 15 «Дамас» автомашинасы, 10 «Исузу» автобуслары алып келинип, халыққа сапалы хызмет көрсетилиўи жолға қойылды. «Бирлешик», «Ақжап», «Бегжап» АПЖ ларына таза ишимлик суўы тармақларын тартыў жумыслары, халықты нан ҳәм макарон өнимлери менен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде «Дока нан» кәрханасы, исбилермен Ш.Бобоев тәрепинен қурылған жасалма қапламалы киши футбол майданшалары қысқа ўақыт ишинде питкерилип тапсырылған болса, бүгинги күнде районда 24 орында ири қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте. Соннан 7 социаллық тараў объектлеринде реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Еки орында сүтти қайта ислеў цехлары, ири текстил ҳәм брезент ислеп шығарыў кәрханалары, бәнтликке көмеклесиў орайының жаңа имараты, Дийқан базар аймағында заманагөй «Супермаркет» имараты, 10 мың қусқа мөлшерленген мәйек жетистириў кәрханасы, «Мәҳәлле», «Нураный» фонды имаратлары, 2 гектарлық ыссыхана қурылысы, халық ушын 1 қабатлы 10, 2 қабатлы 16 квартиралы арзан турақ жайлар, профилактика инспекторлары ушын ҳәм мәмлекетлик уйымлардың хызмет үйлериниң қурылысы, сондай-ақ, жақын күнлерде ашылыўы режелестирилип атырған «Шоманай аттракцион» мәденият ҳәм дем алыў бағының қурылыслары жедел пәт пенен алып барылмақта.

– Мен райондағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде 7-класста оқыйман. Китап оқыўға оғада қызығаман. Китапларды мектеп китапханасынан, райондағы мәлимлеме-ресурс орайынан алатуғын едим. Мине, бүгин районымызда таза китап дүканы ашылып атырыпты. Мен оннан жүдә қуўанышлыман,-дейди Дина Қәллибекова.

Китап дүканы район орайындағы жүдә қолайлы жерде жайласқан. Онда китап ҳәм керекли канцелярия буйымлары дүканы, сүўретхана, китапхана, оқыў залы жайласқан, интернеттен пайдаланыў ушын қолайлықлар жаратылып, халыққа комплексли хызмет көрсетиў жолға қойылған.

– Мен быйылғы жылы колледжди тамамлап едим. Шәртнама бойынша усы китап дүканына жумысқа орналастым. Китап тарқатып жаслардың илимин, билимин, мәдениятын көтериўде хызмет етип атырғанымнан қуўанышлыман. Ендиги жылға шекем усы жерде таярланып, жоқары оқыў орынларының бирине кириў нийетим бар,-дейди М.Орынбаева.

Районда усы бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.