Ташкент қаласындағы «Өзэкспоорай»да «Өзбекстан салық сиясатының жаңа концепциясы» атамасында Халықаралық пресс-клубтың жыйналысы болып өтти. Онда Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Бегзод Мусаев шығып сөйледи, деп жазады Sof.uz сайты.

«Бир жыл алдын, 2017-жылдың 18-июль күни Шавкат Мирзиёевтиң бийлиги менен айрықша жумысшы топар шөлкемлестирилип, салық системасын реформалаў бойынша концепцияны ислеп шығыў ўазыйпасы қойылған еди. Президент ҳәр бир жыйналыста жети өлшеп бир кесиў керек екенлигин, ең баслысы әдиллик пенен жумыс ислеў зәрүр екенлигин еслетип келди», – деди Бегзод Мусаев.

«Республикада еки салық принципи бар. Яғный еки түрдеги юридикалық шахслар салық төлемин әмелге асырады: белгиленген салықты төлеўшилер ҳәм жеңиллестирилген бирден-бир салықты төлеўшилер. Бирден-бир салық системасы 2005-жылы әмелге енгизилген болып, онда тек ғана бир өлшем қойылған еди: 50 ге шекем жумысшы орнын жаратқанларға жеңиллетилген, 5 процентке шекем салық төлеў имканияты берилген еди. Кейин ала 2011-жылы жумысшылар саны 100 ге шекем, 2014-жылы болса 200 ге шекем көтерилди.

Буның нәтийжесинде жумыс бериўшилер ауцорсинг, яғный аз қәрежет сарплаў есесине салықты жасырған ҳалда мийнет ҳақы төлеў, конверт усылында мийнет ҳақы бериўди жолға қойды.

Жаңа системаға муўапық, қосымша қун салығына өтиў, бириншиден, баҳалардың көтерилиўине алып келмейди. Екиншиден, салық жүгиниң артыўына да себепши болмайды», – деди Салық комитети басшысы.

«Ҳәзир алдымызда турған тийкарғы ўазыйпа салық төлеўшиге жеңил, әпиўайы система жаратып бериў болып табылады. Яғный бул процести автоматластырылған ҳалда, қосымша қун салығының электрон системасын жаратыў енгизиледи», – деп айтып өтти Бегзод Мусаев.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги