Келеси жылдың 1-январынан баслап электромобильлерди Өзбекстанға бажы төлемисиз алып кириў мүмкин болады, деп жазады Sof.uz сайты.

Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёев қол қойған «Сыртқы экономикалық хызметти ҳәм бажыхана-тариф системасын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының қосымшасында айтып өтилген.

Жаңа ҳуқықый ҳүжжетте келтирилиўинше, 2019-жылдың 1-январынан баслап Өзбекстанға алып кирилип атырған 700 ден аслам өнимлер ушын жаңа бажы ставкалары азайтылады.

Атап айтқанда, тек ғана электр энергиясы менен ҳәрекетленетуғын транспорт қураллары ушын, TN VED коды 870380, бажы ставкасы «0» муғдарында белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта әмел етилип атырған бажыхана тарифинде усы кодқа байланыслы өнимлер ушын ставкалар келтирилмеген. Жаңа бажыхана ставкаларын додалаў ўақтында электромобильлер ушын 10 процентлик ставка қойыў усыныс етилген еди, бирақ жуўмақлаўшы ҳүжжетте бул усыныс есапқа алынбаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги