2018-жылдың 15-июль сәнесинен баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар муғдары орташа есап пенен 1,07 есеге көбейтиледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қол қойған пәрманда атап өтилген, деп жазады Kun.uz.

Мәмлекет басшысы тастыйықлаған ҳүжжетке муўапық, буннан былай Өзбекстан Республикасында ең кем:

 

Мийнет ҳақы – айына 184 300 сум;

Жасқа байланыслы пенсиялар – айына 360 460 сум;

Балалықтан майыпларға берилетуғын пенсия – айына 360 460 сум;

Зәрүрли мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын пенсия айына 221 190 сум муғдарында етип белгиленди.

 

Мийнет ҳақы ҳәм пенсияларға қосылатуғын үстеме ҳәм қосымша ҳақылардың барлық түрлери, ең кем мийнет ҳақыға салыстырғанда белгиленген компенсация ҳәм басқа төлемлер 2018-жылдың 15-июлынан баслап усы пәрманда белгиленген ең кем мийнет ҳақы муғдарынан келип шығып әмелге асырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги