Шымбай районында Өзбекстан жаслар аўқамы  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси  тәрепинен «Жаслар – Өзбекстан келешеги» сүрени астында  улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары арасында миллий ойынлар бойынша беллесиў өткерилди. Онда райондағы 18  мектептен оқыўшылар қатнасты.

30-июнь – Жаслар күнине арнап өткерилген беллесиўде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, оқыў орынлары ҳәм  Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси белсендилеринен ибарат жаслар, кең жәмийетшилик, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Беллесиў жеңимпазларына Кеңестиң диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Спорт илажында белсене қатнасқан бир топар жаслар ҳәр қыйлы номинациялар бойынша Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәм Жаслар аўқамының районлық кеңеси тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Районлық мәденият үйи хызметкерлери тәрепинен атқарылған қосықлар, концерт-бағдарламасы ҳәммеге көтериңки кейпият бағышлады.

 

 З. АБУБАКИРОВА,

ҚМУ студенти.