2018-жыл 29-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси даўам еттирилди.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң Өзбекстан Республикасы Cыртқы ислер министрлигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Атап өтилгениндей, 2018-жылдың өткен дәўиринде Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен елимиздиң миллий мәплерин халықаралық майданда илгери сүриў ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-январьда шығып сөйлеген сөзинде ҳәм 5-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги системасын түп-тийкарынан жетилистириў және сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумыстың баслы бағдарларын әмелге асырыўда оның жуўапкершилигин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша комплексли жумыслар әмелге асырылған.

Товарлар экспортын әмелге асырыў мәселесинде АҚШ, Уллы Британия, Әзербайжан, Россия, Германия, Грузия, Бельгия, Бангладеш, Ҳиндстан, Италия, Малайзия, Латвия, Қытай, Корея, Чехия, Таиланд ҳәм БАӘда шөлкемлестирилген халықаралық көргизбелерге қатнасыўға елимиз компанияларына ҳәм кәрханаларына министрлик тәрепинен әмелий жәрдем берилген. Көргизбелердиң жуўмақлары бойынша дерлик 83,5 миллион долларлық саўда шәртнамаларына қол қойылған.

Сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша 2018-жылдың январь-май айларында сырт елге сапар етиўлердиң ҳәм сөйлесиўлердиң нәтийжесинде нырқы 17 миллиард долларлық 182 перспективалы жойбарды әмелге асырыў ҳаққында дәслепки келисимлерге ерисилди. Усы жыл 1-июнь ҳалатына, дипломатиялық миссиялар тәрепинен 10,5 миллиард долларлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға жәрдемлесилди.

Додалаў даўамында Сыртқы ислер министрлиги алдына қойылған ўазыйпаларды буннан былай да нәтийжели орынлаўға тосқынлық етип атырған машқалалардың бар екени де атап өтилди. Атап айтқанда, товарларды экспорт етиў, инвестицияларды ҳәм туристлерди тартыў мәселелери бойынша Сыртқы ислер министрлиги ҳәм дипломатиялық ўәкилханалар тәрепинен министрликлер және ведомстволар менен биргеликте ислеп шығылған усыныслар тараўға қәнигелескен ведомстволар, ҳәкимликлер тәрепинен өз ўақтында көрип шығылыўы тәмийинленбей атыр.

Сенаторлар Сыртқы ислер министрлигиниң жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша усыныслар берди. Соның ишинде, сырт еллер менен саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм туристлик байланысларды раўажландырыў бойынша нәтийжели жумысларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстандағы реформалардың ҳәм жаңаланыўлардың барысы ҳаққында халықаралық жәмийетшиликке қалыс мәлимлеме жеткериў ушын «Дунё» мәлимлеме агентлигиниң жумысын күшейтиў, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги мәкемелериниң жумысын тек ғана сан жағынан емес, ал сапа көрсеткишлерине, сондай-ақ, ведомстволараралық бирге ислесиў механизмлерин қәлиплестириў зәрүрлиги атап өтилди. Додалаўдың жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар Әндижан ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кенеслериниң жумысы ҳаққындағы есабын тыңлады.

Әндижан ўәлаяты ҳәкиминиң есабында атап өтилгениндей, ўәлаятты комплексли раўажландырыў ҳәм бул процессте халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң потенциалынан пайдаланыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, 2017-жылы ўәлаят жалпы ишки аймақлық өними көлеминиң өсими 106,7 процентке жеткен. Тийисли бағдарламалар шеңберинде 1,5 триллион сумнан аслам инвестициялар өзлестирилип, дерлик 3040 жойбар әмелге асырылған. Соның нәтийжесинде 42,3 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылған. 2476 жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнес субъекти шөлкемлестирилген, коммерциялық банклер тәрепинен оларға 1,2 триллион сумлық кредит ажыратылған.

Өткен жылы 99 кәрхана экспорт етиўши кәрханалардың қатарына қосылған. Нәтийжеде ўәлаятта өндирилген өнимлер экспорт етилип атырған еллердиң саны 18 ге жеткен, экспорт көлеми дерлик 130 миллион АҚШ долларын қураған.

130 социаллық тараў объекти – емлеўханалар, мектеплер, мектепке шекемги билимлендириў мәкемлери, ишимлик суўы объектлери пайдаланыўға тапсырылған.  24 аўыллық массивте 1165 арзан турақ жай, соның ишинде, профилактика инспекторлары ушын 326 хызмет үйи қурылған.

Ўәлаятта Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 7-июньдеги қарары менен тастыйықланған «Ҳәр бир шаңарақ –  исбилермен» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша жумыслар басланған.

Соның ишинде, жәми 497 мың  162 шаңарақ (жәми шаңарақларға салыстырғанда 93 процент) бирме-бир үйренип шығылып, 200 мың 505 шаңарақ ийелериниң 2 триллион 959 миллиард сум муғдарындағы кредит қаржысына зәрүрлиги бар екени анықланған. Бул шаңарақларға биринши басқышта 800 миллиард сум қаржы ажыратылып, халықтың исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын шараят жаратылған.

Соның менен бирге, сенаторлар Әндижан ўәлаятындағы аймақларды раўажландырыўға және халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жумысының нәтийжелилигин арттырыўға кери тәсир ететуғын машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенин, қолда бар потенциалдан толық пайдаланылмай атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлери дус келип атырған машқалаларды өз ўақтында сапластырыў илажлары зәрүр дәрежеде исленбегени ақыбетинде 2018-жылдың биринши шерегинде 251 киши бизнес субъектиниң жумысы тоқтатылған ҳәм көплеген жумыс орынлары жабылған. Халықтың талабына сәйкес түрде жумыс орынларын шөлкемлестириў, әмелдеги жумыс орынларын қәнигели кадрлар менен толықтырыў мәселелери толық шешилмей атыр.

Ўәлаятта халықты ишимлик суўы, лектр энергиясы ҳәм тәбийғый (суйылтылған) газ бенен толық ҳәм үзликсиз тәмийинлеў бағдарында машқалалар бар. Электр тармақларының айырым бөлеклери пайдаланыў ушын жарамсыз ҳалға келип қалған. Быйыл газ қубырларын ағымдағы оңлаў бойынша белгиленген реже орынланбаған. Ўәлаяттың ишки хожалық жоллары оңлаўға мүтәж жағдайда.

Додалаўдың жуўмақлары бойынша бул машқалаларды шешиў бойынша тийисли министрликлер менен ведомстволардың, сондай-ақ, жергиликли ҳәкимият уйымларының жуўапкершилигин күшейтиўге қаратылған тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар Той-тамашалар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумларды еслеўге бағышланған илажларды тәртипке салыў мәселесин додалады.

Атап өтилгениндей, үйрениўлердиң даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң қатнасыўында 10 мыңнан аслам ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары шөлкемлестирилди. Додалаўларда 120 мыңнан аслам қәнигелер менен экспертлер, жәмийетшилик және ҒХҚ ўәкиллери қатнасты. Республикалық жумысшы топар ағзалары, атап айтқанда, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Жәмийетлик пикир» жәмийетлик орайы тәрепинен 250 мыңнан аслам пуқара арасында сораўнама өткерилди.

Күнделикли баспа сөзде ғалабалық илажларға байланыслы 350 ден аслам мәлимлеме-таллаў материал жәрияланды, орайлық телерадиоканалларда 150 ден аслам көрсетиў, ток-шоу ҳәм репортажлар, 450 ден аслам еситтириў эфирге берилди. Интернет басылымларына ҳәм социаллық тармақларға жайластырылған хабарлар  4 миллион мәрте оқылды. 1,3 миллионнан аслам пуқараның қатнасыўында додаланды.

Усынысларды ислеп шығыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, диний мәкемелердиң ўәкиллери, жергиликли Кенеслердиң депутатлары, тойхана, кафе ҳәм ресторанлардың ийелери, көркем өнер жәмәәтиниң пикир-усыныслары итибарға алынды.

Додалаўлар даўамында орынларда әллеқашан ықшам тойлар өткериле баслағаны, бул басламаны халқымыз тилеклеслик пенен қабыл етип, қоллап-қуўатланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Сонлықтан халқымыздың миллий үрп-әдетлеринен аймақлардың өзине тән өзгешелигинен келип шығып, сенаторлар той-тамашалар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мереке және мәресимлер, марҳумларды еслеўге бағышланған илажларды ықшам, кем қәрежет, дәбдебесиз өткериў керек, деген жуўмаққа келди.

Той-мереке ҳәм басқа да шаңарақлық илажларды ықшамластырып өткериўди жолға қойыўға адамлар арасында кең көлемли үгит-нәсиятлаў, жеке ибрат, үлгили илажлар мысалында ерисиў ҳәр тәреплеме пайдалы екени атап өтилди.

Сенаторлардың пикиринше шаңарақлық илажларды миллий қәдриятларымыз тийкарында, кем қәрежет, дәбдебесиз өткериўди кең жәмийетшилигимиз ҳәм ҳәр бир инсан саналы түрде түсинип жетиўи лазым.

Соның ушын да Сенаттың қабыл етилген қарарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслери, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеси, Республикалық Руўхыйлық-ағартыўшылық орайы, Ҳаял-қызлар комитети, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы және басқа да министрликлер менен ведомстволардың, ғалаба хабар қураллары менен биргеликте үгит–нәсиятлаў жумысларын алып барыў зәрүрлиги атап өтилди. Атап айтқанда, тойларды өткериўде миллий үрп-әдетлер менен дәстүрлерди менсинбеў, ысырапгершилик жағдайларының алдын алыў бойынша жәмийетлик қадағалаўды жолға қойыў белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша комитетине Қарақлпақстан Республикасы Министлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен шаңарақлық илажлардың өткерилиўи бойынша мониторинг, сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери тәрепинен әмелге асырылып атырған  депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелерин таллап, Сенат Кенгашына турақлы түрде тийисли мәлимлеме киргизип барыў ўазыйпасы жүкленди.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳаққында»ғы Конститутциялық Нызамға ҳәм «Парламетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамға муўапық мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызметке тийисли нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы және жаслардың шақырыққа шекемги басланғыш таярлығының жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа парламентлик сораў жоллаў ҳаққындағы мәселени де қарап шықты.

Шығып сөйлегенлер елимизде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда, соның ишинде, елимиздиң қорғаныў потенциалын беккемлеў тараўында кең көлемли реформалар алып барылып атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, елимиздиң жаңа Қорғаныў доктринасы қабыл етилип, онда Қураллы Күшлер алдында турған ўазыйпалар, миллий армияны қәлиплестириўдиң ҳәм раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары беккемлеп қойылды. Соның менен бир ўақытта Қураллы күшлерди буннан былай да реформалаўға ҳәм раўажландырыўға, елимиздиң қәўипсизлигин беккемлеўге және қорғаныў қәбилетин күшейтиўге қаратылған илажлар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта барған сайын өзгерип атырған халықаралық жағдайды таллаў, жәмийеттиң руўхый-әдеп-икрамлық тийкарына, өсип киятырған әўладтың санасына информациялар менен руўхый тәсир етиўге урыныўлар артып атырғаны жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдың нәтийжелилигин, жас өспиримлердиң әскерий таярлығын ҳәр тәреплеме арттырыўды талап етпекте.

Сенат тәрепинен мобилизациялық шақырыў резерви қатарында хызмет етиўге, бул хызметти шөлкемлестириўге ҳәм өтеўге тийисли ҳүжжетлердиң орынланыўы, сондай-ақ, жасларды шақырыққа шекемги басланғыш таярлаў жумыслары үйренилди және талланды.

Оларды көрип шығыўдың нәтийжелери бойынша сенаторлар тәрепинен мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызметти шөлкемлестириў ҳәм өтеў мәселелери, сондай-ақ, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелериндеги шақырыққа шекемги басланғыш таярлық системасын жетилистириў, шақырыў жасы шегарасын қысқартыў, шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәни оқытыўшысы лаўазымларын кәсиплик жақтан жақсы таярланған, қәнигели, жумыс тәжирийбесине ийе шахсларды, соның ишинде, резерв офицерлерди тайынлаў илажлары ҳаққында негизленген түсиниклер бериў менен парламентлик сораў жиберилди.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасының Франция Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшисин, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң баслығын тайынлаў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселелерди көрип шығып, тийисли қарарлар қабыл етти.

Жалпы мәжлисте Олий Мажлис Сенатының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды ҳәм олар бойынша тийисли қарар қабыл етлиди.

Улыўма алғанда, он бесинши жалпы мәжлис даўамында Сенаттың ўәкиллигине киретуғын 23 мәселе, соның ишинде, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғын 10 нызам көрип шығылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты он бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети