Өткен дүйшемби күни Нөкис халықаралық аэропортында усы жылдың  26 ҳәм 30-июнь күнлери аралығында академиялық ескек есиў бойынша Қубла Кореяның Чунгжу қаласында болып өткен Азия кубогинде Өзбекстан сайланды командасының қурамында төрт медальды қолға киргизген спортшыларды күтип алыў салтанаты болды.

Бул жарыста «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийеси Исламбек Мәмбетназаров 4 ҳәм 8 адамлық тақ ескекте еки алтын, Абубәкир Узақбаев 4 адамлық жуп ескекте гүмис, 2 адамлық жуп ескекте қола медалы менен сыйлықланды. Солай етип, 17 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан жарыста спортшыларымыз жоқары нәтийжелерге еристи. Оларды жарысқа тренерлер Муратбай Мәмбетназаров ҳәм Баҳадыр Дәўлетияровлар таярлады.

-Быйылғы «Жаслар күни» байрамы мениң өмиримде қос қуўаныш алып келди,-дейди Исламбек Мәмбетназаров.- Чунгжу қаласында болып өткен Азия кубогинде еки алтын медальды қолға киргизген болсам, Президентимиздиң пәрманы менен маған «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы берилди. Келешекте  буннан да жоқары нәтийжелерге ерисип, билдирилген исенимди ақлаўға ҳәрекет етемен.

Илажда спортшылардың тренерлери, ата-аналары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, оларды қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.