Ўзбекистон ва Туркманистон Президентларининг телефон орқали мулоқоти тўғрисида

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 29-июнь күни Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар тиледи.

Бүгинги күнде Түркменстан ерисип атырған жетискенликлер, оның халықаралық абыройы избе-из артып атырғаны Гурбангулы Бердимуҳамедовтың басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен өзгерислердиң, унамлы бийтәреплик сиясатының әмелий нәтийжелери екени айрықша атап өтилди.

Түркменстан Президентиниң Орайлық Азия регионында қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, транспорт жоллары ҳәм энергетикалық инфраструктураны раўажландырыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, спортты ғалаба ен жайдырыў ҳәм басқа да бағдарлардағы халықаралық басламаларына жоқары баҳа берилди.

Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер менен ушырасыўлар туўысқан халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық байланысларын бекккемлеўге, сондай-ақ, еллеримиз арасында жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын кеңейтиўге хызмет етип атырғаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Түркменстан Президентиниң  усы жылдың апрель айында Өзбекстанда әмелге асырған нәтийжели мәмлекетлик сапары және оның жуўмағы бойынша ерисилген әҳмийетли келисимлер менен шәртнамалар көп қырлы Өзбекстан – Түрменстан бирге ислесиўине жаңаша пәт бағышлап, оны әмелий мазмун менен байытқаны атап өтилди.

Сөйлесиўде саўда, өндирис кооперациясы, энергетика тараўлары, нәтийжели транспорт ҳәм транзит коммуникацияларын раўажландырыў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бағдар бойынша бирге ислесиўдиң перспективалары көрип шығылды. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе баслы мәселелер бойынша пикир алысылды.

Түркменстан Президенти қызғын қутлықлаўлар ҳәм тилеклер ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Президентин усы жыл август айында Ашхабадта болып өтетуғын Аралды қутқарыў халықаралық қоры шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшыларының саммитине қатнасыўға мирәт етти.

Сөйлесиўдиң жуўмағында мәмлекет басшылары еллеримиз ҳәм туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў жолында исенимли екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

 

ӨзА