Алдынғы жыллары 1-август күни өткерилген тест сынақларының нәтийжелери жәрияланған ўақытта Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz веб-сайты көпшилик пайдаланыўшылар бир ўақыттың өзинде киргени ушын ислеў процеси бираз қыйынласып, сайт ашпай қалатуғын жағдайлар жийи ушырасып туратуғын еди.

Алдын хабар берилгениндей, быйылғы жылы тест сынақлары 1-15-август күнлери аралығында өткериледи ҳәм тест нәтийжелери тест күниниң ертеңине Мәмлекетлик тест орайының веб-сайтында жәрияланады.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матеков Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев пенен сәўбетлесиўде веб-сайтқа пайдаланыўшылар бир ўақытта киргенде техникалық насазлықлар ямаса сайт ислеў процесиниң қыйынласыўы мүмкин бе екенлиги ҳаққындағы сораў менен мүрәжат етти.

Музаффар Абдуллаевтың айтыўына қарағанда, Мәмлекетлик тест орайының веб-сайты – dtm.uz жаңаланған версияда жумыс алып бармақта. Сайтта техникалық жумыслар алып барылып, жоқарыдағы көтерилген мәселелер өз шешимин тапқан. Рәсмий ўәкилдиң айтыўынша, бир ўақыттың өзинде 100 мыңнан аслам пайдаланыўшылар сайтқа киргенде де сайт өз жумысын толық атқара алады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.