Қәдирли жаслар, әзиз ул-қызларым!

Сизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды елимизде биринши мәрте белгиленип атырған қутлы әййям – Жаслар күни менен шын қәлбимнен қызғын қутлықлайман.

Мине усындай қуўанышлы күнде бәринен бурын елимизде соңғы ўақытта жаслар менен ислесиў бойынша пүткиллей жаңа система жаратылғаны, ул-қызларымыздың жәмийетлик белсендилиги, Ўатан ҳәм халықтың тәғдирине қатнас сезими күшейип атырғанын, заманагөй, демократиялық Өзбекстан мәмлекетин қурыўда нәўқыран әўладымыздың мүнәсип қатнасып атырғанын бәршемиз миннетдаршылық пенен тән аламыз.

Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, олардың арзыў-нийетлерин, уқыбын ҳәм имканиятын жүзеге шығарыў биз әмелге асырып атырған мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдары болып, бул жолда үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыз сизлерге жақсы белгили, әлбетте.

Өткен бир жылдың өзинде жаслардың турмысына тиккелей тийисли болған 20 дан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилгени де бул пикирди айқын тастыйықлап тур.

Әсиресе, сизлердиң басламаңыз бенен буннан бир жыл бурын Өзбекстан жаслар аўқамы шөлкемлестирилгени жасларымыз, пүткил ел-журтымыз турмысындағы әҳмийетли ўақыя болды.

Әлбетте, бир жыл – тарийх ушын оғада қысқа пурсат. Соған қарамастан, Өзбекстан жаслар аўқамы өткен қысқа дәўирде елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў жолында мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен нәтийжели бирге ислесетуғын әҳмийетли жәмийетлик дүзилмеге айланды.

Сол тийкарда жас әўладымыздың гражданлық позициясын ҳәм белсендилигин күшейтиў, оны еркин пикирлейтуғын, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди пуқта ийелеп, халықаралық майданда бәсекиге кирисе алатуғын бәркамал шахслар етип тәрбиялаў бойынша сезилерли жумыслар әмелге асырылмақта. Ең әҳмийетлиси, жаслар менен турақлы пикирлесип барыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, турмыста өз орнын табыўы, жәмийеттиң мүнәсип ағзаларына айланыўы, мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў ўазыйпасы бәршемиздиң күнделикли жумысымыздың өлшемине айланып бармақта.

Буның әмелий тастыйығын көплеген мысалларда көриў мүмкин. Атап айтқанда, жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, жас исбилерменлерге, әсиресе, қызларымызға өнерментшилик пенен шуғылланыўы ушын кредитлер ажыратыў, оларды кәсипке таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, фермерликти қоллап-қуўатлаў, перзентлеримиздиң тәлим-тәрбиясы, олардың саламатлығын жақсылаў ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли қәдемлер тасланбақта.

Тек ғана бир жыл даўамында Өзбекстан жаслар аўқамының усынысы менен 4 мың 300 ге шамалас жигит-қызларымызға банклер тәрепинен 216 миллиард сум жеңилликли кредитлер берилгени, 184 мың 300 ден аслам перзентлеримиз жумыс пенен тәмийинленгени итибарға ылайық.

Елимизде орайлық ҳәм жергиликли ҳәкимлик уйымлары, депутатлар корпусы, суд-ҳуқық тараўы басшыларының жаслар менен ашық-айдын пикирлесиўлер алып барыўы унамлы дәстүрге айланып бармақта. Бундай пикирлесиўлер ҳәм ушырасыўларда жасларды қыйнап атырған көплеген машқалалар орнында шешилмекте, оларға әмелий жәрдем, қәнигели мәсләҳәтлер ҳәм жолламалар берилмекте.

Бүгинги күнде елимизди жаңалаў ҳәм модернизациялаў, оны инновациялық тийкарда раўажландырыў, өз алдымызға қойған көп қырлы ҳәм қыйын ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде биз заманагөй ҳәм креатив пикирлейтуғын, ҳәр қандай жағдайда да жуўапкершиликти өз мойнына алыўға уқыплы болған, жигерли, интеллектуаллық потенциалы жоқары, ўатан сүйиўши жас кадрларға мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда әҳмийетли ўазыйпаларды исенип тапсырмақтамыз.

Бул бағдарда жас, перспективалы кадрлар ушын тәжирийбе ҳәм шеберлик мектебин атқарып атырған Өзбекстан жаслар аўқамы қатарларында шыныққан, заманагөй билим ҳәм көнликпеге, жетекшилик потенциалына ийе болған көплеген жаслар министрликлер ҳәм ведомстволар, ири компаниялар ҳәм банклер, хожалық бирлеспелерине жуўапкер лаўазымларға тайынланып атырғаны турмысымызға жаңаша руўх ҳәм мазмун бағышламақта.

Бүгинги күнде Ҳәрекетлер стратегиясы шегинде «Жаслар – келешек қурыўшысы», «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ақыллы қала» сыяқлы кең көлемли бағдарламаларды әмелге асырыўда әне усындай инталы, ҳәр бир мәселеге жаңаша қатнас жасайтуғын ул-қызларымыз белсене қатнасып атырғаны, әлбетте, бәршемизди қуўандырады.

Бундай үлкен дөретиўшилик процесслери жасларымыз алға қойып атырған жойбарларды ҳәм басламаларды жүзеге шығарыўда, олардың ел-журтымызға пидайы басшы ҳәм қәниге, ҳақыйқый шахс ҳәм граждан болып қәлиплесиўинде шексиз орын ийелейтуғынына исенемен.

Әзиз Ўатанымыздың жаңа келбетин жаратыўда өз мийнети, инициаторлығы ҳәм руўхый пазыйлетлери менен басқаларға өрнек ҳәм үлги болып атырған күш-ғайратлы жасларымыз ушын «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығын ҳәм «Келажак бунёдкори» медалын шөлкемлестиргенимиз ҳәм бүгин сизлердиң араңызда усы сыйлықлардың дәслепки ийелери бар екенлиги бәршемизге қанаатланыўшылық бағышлайды.

Өткен бир жыл даўамында ул-қызларымыздың 266 сы республикалық, 80 и халықаралық пән олимпиадаларының жеңимпазлары болғаны, спортшыларымыздың 12 си жәҳән, 93 и Азия чемпионатларында, 150 ден асламы халықаралық жарысларда жоқары минберлерге көтерилгенин әне усындай ийгиликли ислеримиздиң дәслепки нәтийжелери сыпатында қабыл етемиз.

Жасларымыздың миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятлар руўхында, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал болып ержетиўи ушын тәлим-тәрбия тараўында үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң заманагөй системасы жаратылмақта, улыўма билим бериў мектеплеринде 11 жыллық билимлендириў енгизилмекте. Жоқары билимлендириў системасында жаңа, заманагөй билим дәргайлары, соның ишинде, абыройлы сырт ел университетлериниң филиаллары шөлкемлестирилип, тараўдың жумысы түп-тийкарынан жетилистирилмекте.

Елимизде Темурбеклер әскерий лицейлери, Муҳаммед Хорезмий ҳәм Мырза Улығбек мектеплери, атақлы жазыўшыларымыз атындағы дөретиўшилик мектеплери шөлкемлестирилгени өсип киятырған перзентлеримизди уллы бабаларымызға мүнәсип әўлад етип тәрбиялаўға хызмет етпекте.

Биз бул бағдардағы жумысларды келешекте де, әлбетте, избе-из даўам еттиремиз, Атап айтқанда, талантлы жасларымызды дүньяның ең жетекши университетлеринде, илимий орайларында мәмлекеттиң қәўендерлигинде оқытыў, қәнигелигин арттырыў бойынша нәтийжели система жаратыў – алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Жасларды, жас шаңарақларды социаллық қорғаў мәселеси де биз ушын ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдарға айланып бармақта. Бул бойынша елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысына белсене қатнасып атырған жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, олардың турақ жай ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде Жаслар үйлерин қурыў бағдарламасы турмысқа избе-из енгизилип атырғанын атап өтиў керек.

Қәдирли ул-қызларым!

Бүгинги байрам күнинде бәршемиздиң үмитимиз ҳәм исенимимиз болған сиз, әзиз жаслардың ерискен жетискенликлериңиз бенен бирге жаңа ўазыйпалар, шешимин күтип турған кемшиликлер ҳәм машқалалар және оларды сапластырыў жоллары ҳаққында сөз етиўимиз тәбийғый. Бул ҳаққында айтқанда, Өзбекстан жаслар аўқамының нәўқыран жигит-қызларын жумыс пенен тәмийинлеў, жәмлеспеген жаслар менен ислесиў, перзентлеримиз арасында жынаятшылықтың алдын алыў бойынша жумысты буннан былай да күшейтиў зәрүрлигин атап өтиў керек.

Тилекке қарсы, жасларымыздың турмысындағы үлкен-киши ҳәр бир машқалаға айрықша қарап, анық әмелий шешим табыў, жаслар менен тиккелей ислесиў, турақлы пикирлесиўдиң орнына дәбдебели илажлар өткериў, кампанияпазлыққа берилиў сыяқлы жарамсыз жумыс усылынан елеге шекем пүткиллей қутылғанымыз жоқ.

Усы көзқарастан қарағанда биз бәршемиз енди ғана бир жыллық қәлиплесиў жолын басып өткен Өзбекстан жаслар аўқамы тезирек камалға келиўин, елимиздиң жәмийетлик-сиясий системасында, жасларымыздың турмысында өзиниң беккем ҳәм мүнәсип орнын табыўын қәлеймиз ҳәм бул ушын зәрүр әмелий жәрдем бериўге таярмыз.

Бәлким бүгинги қуўанышлы әййямда бундай кеўилсиз жағдайларды еслеў шәрт емесдур. Бирақ биз өз жумысымызды сын көзқарастан баҳалап, машқалаларымызды өзимиз шешпесек, ҳеш ким сырттан келип оларды шешип бермейди.

Жасларымыздың турмыслық машқалаларына буннан былай да көбирек итибар қаратыў, оларға сәйкес болған заманагөй жумыс орынларын көбейтиў, ийгиликли умтылыслар менен басламаларды, инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў, жас әўладымыздың социаллық-турмыслық шараятларын жақсылаў буннан кейин де барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлардың ең тийкарғы, шешиўши ўазыйпасы болып қалады.

Жаслар арасында исбилерменликти кеңнен раўажландырыў ушын Жаслар исбилерменлиги аймақлары, Ташкент қаласында Жаслар инновациялық техно-паркин шөлкемлестириў, сондай-ақ, Илимлер академиясына қараслы илмий лабораториялар ҳәм орайлар тийкарында жас илимпазлардың илимий-изертлеўлерин жолға қойыў сыяқлы жумысларды сизлердиң белсене қатнасыўыңыз бенен жақын келешекте әмелге асырамыз.

Күни кеше қабыл етилген «YOSHLAR – KELAJAGIMIZ» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан жаслар аўқамы жанында шөлкемлестирилген арнаўлы қор елимиз экономикасында заманагөй технологияларды қолланыў, жасларды бул процесске кеңнен тартыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге хызмет етеди.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгинги күнде Өзбекстанда алып барылып атырған жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳәм оның әмелий нәтийжелери дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Елимиз тәрепинен бул бағдарда алға қойылып атырған басламалар, соның ишинде, БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясын ислеп шығыў, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшыларының Жасларға мүрәжаты ҳәм оны әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасын қабыл етиў ҳәм әмелге асырыў бойынша усынысларымыз халықаралық көлемде қоллап-қуўатланбақта.

Ҳәммемиз көрип, бақлап турмыз – бүгинги жедел өзгерип атырған дүнья инсаният алдында, жаслар алдында жаңадан-жаңа шеклерди ҳәм имканиятларды ашыў менен бирге, оларды бурын көрилмеген түрли жаўыз ҳәрекетлерге де дуўшар етпекте.

Диний экстремизм, терроризм, нәшебентлик, адам саўдасы, нызамсыз миграция, «ғалабалық мәденият» сыяқлы қәўип-қәтерлер, қаншадан-қанша шаңарақлардың, еллердиң басына аўыр тәшўишлер алып келмекте, ғәрезли күшлер еле ой-пикири толық қәлиплесип үлгермеген балаларды өз ата-анасына, Ўатанына қарсы қойып, олардың турмысына зыян етпекте.

Соның ушын биз – ата-аналар, устаз-тренерлер, жәмийетшилик, мәҳәлле бул мәселеде сергекликти еле де күшейтип, уллы ағартыўшы бабамыз Абдрауф Фитрат айтқанындай, бул дүнья ҳақыйқатында да гүрес майданына, саламат тән, өткир ақыл ҳәм жақсы минез-қулық болса бул гүрестиң қуралына айланып атырғанын терең түсинип, бул бағдарда жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық тийкарында жумыс алып барыўымыз зәрүр.

Халқымызға тән кеңпейиллик, кеширимлилик ҳәм инсаныйлық пазыйлетлерден келип шығып, билип-билмей жынаятқа қол урған, дурыс жолдан адасқан, өз қылмысынан шын кеўилден пушайман болған жасларды кешириў ҳәм тыныш турмысқа қайтарыўға елимизде айрықша итибар қаратылмақта.

Әне усындай әмелий жумысларымыздың нәтийжесинде жүзлеген жаслар – Өзбекстан пуқаралары ата-анасы, шаңарағының қушағына қайтқаны жәмийетимизде саламат социаллық орталықты, инсаныйлық принциплерди беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болып атырғанын айрықша атап өтиў керек.

Ҳүрметли дослар!

Биз – бәршемиз қай жерде болмайық тек ғана Өзбекстан перзентлери екенимизди түсинип, бул уллы сезимди қәдирлеп жасасақ, әлбетте кем болмаймыз.

Соның ушын биз сырт еллерде түрли тараўларда үлкен жетискенликлерге ерискен ўатанласларымыздың басламасы менен «Уллы келешек» халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем дүзилгенин қоллап-қуўатлаймыз. Сырт еллерде оқып, мийнет етип атырған барлық жерлеслеримиз, биринши гезекте жасларымыздың билимин ҳәм имканиятларын Ўатанымыздың раўажланыўы жолында бирлестириў бизиң өз алдымызға қойған мақсетлерге толық жуўап береди.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан жасларының заман менен тең қәдем таслап, дүньяның алыс ҳәм жақын еллериндеги теңлеслери менен нәтийжели пикирлесиў, дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын орнатыў оғада үлкен әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз.

Усы күнлерде елимизде болып атырған Орайлық Азия жаслар форумы әне усындай кең көлемдеги пикирлесиў жолында дәслепки әҳмийетли қәдем болып табылады.

Әзиз жаслар, қәдирли перзентлерим!

Мине усы қуўанышлы күнлерде сизлерди, көп миллетли Өзбекстан халқын исендирип айтпақшыман: биз жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты ҳеш булжытпай, беккем даўам еттиретуғынымызды исендирип айтаман. Тек ғана даўам еттирип емес, ал усы сиясатты әҳмийетли ўазыйпа сыпатында бүгин дәўир талап етип атырған жоқары дәрежеге көтеремиз. Сизлердиң заманагөй билимлерди ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеп, өмирде өзиңиздиң беккем орныңызды табыўыңыз, бахытлы болыўыңыз ушын мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң бар күш-имканиятларын жумсаймыз.

Сиз, жаннан әзиз ул-қызларымыздан тек ғана бир илтимасымыз, бир тилегимиз бар: ата-аналарыңыз, оқытыўшы-устазларыңыз, халқымыздың сизлерден күтип атырған арзыў-нийетлерин әмелий жумыслар менен жүзеге шығарыў жолында ҳармаң, шаршамаң !

Оқыў-үйрениў, бәрқулла излениў, илимге, раўажланыў шоққыларын ийелеўге умтылып жасаў бәрқулла жолдасыңыз болсын!

Мен сизлердиң ҳәр бириңизге ел-журтымыз мақтаныш ететуғын, әзиз Өзбекстанымыздың мүнәсип перзенти, ҳақыйқый инсан болыў бахты несип етиўин тилеймен.

Сизлерди Жаслар күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге жаңадан-жаңа табыслар, бахыт ҳәм әўмет тилеймен.

Ҳәмийше саў-аман болың, әзиз перзентлерим!

Шавкат Мирзиёев

Өзбекстан Республикасы Президенти