Быйылғы жыл жоқары оқыў орынларына қабыл етиўде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың  усы жылдың 20-апрелдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы және 5-майдағы  «2017/2018 оқыў жылында Өзбекистан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў ҳаққында»ғы қарары республикамыздың талабанлары ушын оғада әҳмийетли ҳүжжет болды. Жаратылған мүмкиншиликлерден толық пайдаланып, өз билимине исенген сан мыңлаған жасларымыз студент болыў бахтына еристи.

Мине, солардың бири, ҚМУ жанындағы 3-санлы лицейди (математика-инглис тили бағдары) жуўмақлаған жерлесимиз Саодат Садирбаеваның бул бағдардағы жетискенлигин еситкенде, көпшиликтиң таңланысып, оған ҳәўес етиўи тегин емес, әлбетте.

Себеби, берилген имканияттан өнимли пайдалана билген зийрек талабан Саодат быйыл бир жола төрт жоқары билимлендириў оқыў орнына, яғный: Турин политехника университетиниң (Италия), Вестминистр университетиниң (Уллы Британия), Инҳа университетиниң (Корея) Ташкент филиалына ҳәм Ташкент мәлимлеме технологиялары университетине  ҳүжжет тапсырып, аты аталған билимлендириў орынларының үшеўинде мәмлекетлик грант, биреўинде (Турин политехника университетиниң Ташкент филиалы) төлемли-контракт тийкарында оқыў бахтына миясар болды.

Ығбал-бахты күлген Саодаттың бәринен бурын, бул төрт оқыў орнына  ҳүжжет тапсырыўда, тест-сынақларынан өтиўде қалай үлгергени ҳәм төрт имканияттың қай бирин таңлайтуғыны бәримизди қызықтыратуғыны сөзсиз, әлбетте.

– Ҳүжжет тапсырыўда ҳеш қандай машқалалар болмады. Информацион-технологияларына қызығыўшылығым ҳәм усы бағдарда алған билимим тийкарында бир пайыттың өзинде «онлайн регистрация» режиминде аты аталған оқыў орынларына жеке компьютеримде интернет тармағы арқалы ҳүжжетлеримди тапсырған едим. Тест сынақларында болса, ҳәр бир билимлендириў орнының тест сынақлары болып өтетуғын күниниң избе-изликте белгиленген ўақытта болып өткени биз ушын оғада қолайлы болды. Таңлаў мәселесинде мен ҳеш егленбестен Инҳа университетиниң Ташкент филиалын таңладым, – дейди Саодат Садирбаева.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги