Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матеков пенен болған сәўбетлесиўинде айтып өтти.

Хабарыңыз бар, быйылғы жылғы тест сынақларының өткерилиў процеси абитуриентлердиң ата-аналары, жақын-жуўықлары ҳәм басқа да бақлаўшылар ушын онлайн режимде көрсетиледи.

Пайтахтымыз Нөкис қаласында тест болып өтиўи режелестирилип атырған Нөкис Олимпия резервлери колледжи ҳәм Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебине (халық арасында «Айдын жол» спорт комплекси деп те аталады) жақын жерлерде күтиў орынлары шөлкемлестириледи.

Анықластырып айтқанда, Нөкис Олимпия резервлери колледжинде өткерилетуғын тест сынақлары ТашПМИ Нөкис филиалының академиялық лицейи алдында, ал Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебинде өткерилетуғын тест сынақлары 5-санлы улыўма билим бериў мектеби (бурынғы Гоголь атындағы мектеп) алдында қурылатуғын 3х4 м өлшемдеги (12 метр квадрат) мониторлар арқалы онлайн режимде көрсетиледи.

Мониторлар алдында отырып тамашалаў ушын арнаўлы майданшалар қурылыўы режелестирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.