USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖЛИСИ СЕНАТЫНЫҢ ОН БЕСИНШИ ЖАЛПЫ МӘЖИЛИСИ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенатининг ўн бешинчи ялпи мажлиси тўғрисида АХБОРОТ

2018-жыл 28-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси жумыс баслады. Жалпы мәжилисте Министрлер Кабинетиниң ағзалары, министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары, басқа да шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев алып барды.

Сенаторлар жумысты «Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шығыўдан баслады. Нызам шахстың, жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң экстремизмнен қәўипсизлигин тәмийинлеўге, Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимин, аймақлық пүтинлигин қорғаўға, пуқаралардың тынышлығын, миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық татыўлықты сақлаўға қаратылған.

Нызамда экстремизмге қарсы гүресиўдиң тийкарғы түсиниклери, принциплери менен бағдарлары, бул тараўда жумысты әмелге асыратуғын уйымлар топары ҳәм олардың ўәкилликлери, экстремизмге қарсы гүресиў илажлары, сондай-ақ, экстремистлик ҳәрекетти әмелге асырғаны ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған.

Сенаторлардың пикиринше, бул Нызам халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға, жәмийетте экстремизмге жек көриўшилик көзқарасты қәлиплестириўге, экстремизм саласындағы ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыў, анықлаў және оларға шек қойыўға, сондай-ақ, жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлиги принципин тәмийинлеўге, халықаралық улыўма тән алынған нормалар менен стандартларды орынлаўға жәрдем береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар «Медиация ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты. Нызамның мақсети Өзбекстан Республикасында келиспеўшиликлерди тәртипке салыўдың альтернатив усылларын раўажландырыў ушын ҳуқықый шараятлар жаратыўдан, елимиздиң суд системасында ис көлемин азайтыўдан ибарат.

Бул Нызам пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардан, соның ишинде, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў мүнәсибети менен келип шығатуғын келиспеўшиликлерге, сондай-ақ, жеке мийнет келиспеўшиликлерине, шаңарақлық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлерге медиацияны қолланыўға байланыслы мүнәсибетлерге енгизиледи. Сол тәрепи итибарға ылайық, бул нызам медиацияда қатнаспай атырған үшинши шахслардың ҳуқықларына ҳәм нызамлы мәплерине, жәмийетшиликтиң мәплерине тийисли ямаса тийисли болыўы мүмкин болған келиспеўшиликлерге байланыслы қолланылмайды.

Нызамда медиатордың жумысы профессионал яки профессионал емес тийкарда әмелге асырылыўы мүмкин екенлиги беккемлеп қойылған.

Профессионал тийкардағы медиатордың жумысын Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын медиаторларды таярлаў бағдарламасы бойынша арнаўлы оқыў курсынан өткен, сондай-ақ, Профессионал медиаторлар реестрине киргизилген шахс әмелге асырыўы мүмкин екенлиги Нызамда нәзерде тутылған.

Профессионал емес тийкардағы медиатордың жумысын жигирма бес жасқа шыққан ҳәм медиатордың ўазыйпаларын орынлаўға келисим берген шахс әмелге асырыўы мүмкин. Нызамда медиация исбилерменлик жумысы есапланбайтуғыны, сыр сақлаўшылық, ықтыярлылық, тәреплердиң бирге ислесиўи ҳәм тең ҳуқықлылығы, медиатордың еркинлиги ҳәм қалыслығы принциплери тийкарында әмелге асырылыўы да көрсетилген. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар тәрепинен «Жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталар шегиўди шеклеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да көрип шығылды. Нызамның мақсети жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталар шегиў кеңнен тарқалыўына жол қоймаў, шекпейтуғын пуқаралардың ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм темеки түтини менен зәҳәрлениўдиң алдын алыў, шылым ҳәм электрон сигареталар  шегиў нәтийжесинде келип шығатуғын кеселликлер ҳәм топарласып шегиў ақыбетинде жуғыў қәўпи болған кеселликлер тарқалыўының алдын алыў болып табылады.

Нызамда «шылым», «шылым ушын темекисиз шегиў араласпасы», «шылым шегиў ушын демлеме», «шылым ушын шегиў тасы», «электрон сигарета» сыяқлы тийкарғы түсиниклердиң мазмуны ашып берилген, сондай-ақ, шылым ҳәм электрон сигареталар шегиў мүмкин болмаған жәмийетлик орынлардың дизимине анықлық киргизилген.

Нызам шылым ҳәм электрон сигареталар шегиўди реклама ҳәм үгит-нәсият етиўди шеклеўге байланыслы нормалардан ибарат болып, онда жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталар шегиўди шеклеў илажларын көриў ушын жуўапкер шахслар ҳәм олардың миннетлемелери белгиленген, жәмийетлик орынларда жайласқан бөлмелерди шылым ҳәм электрон сигареталарды шегиў ушын бериў, сондай-ақ, жәмийетлик орынларда шылымды ҳәм электрон сигареталарды пайдаланыўға бериў қадаған етиледи.

Сенаторлардың атап өткениндей, жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталар шегиўди шеклеўге қаратылған профилактикалық илажларды әмелге асырыўда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, билимлендириў орынлары ҳәм басқа да шөлкемлер қатнасатуғыны белгилеп қойылғаны бунда үлкен әҳмийетке ийе болып табылады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар жумысты жаңа редакциядағы «Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шығыў менен даўам еттирди. Нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Бизнестиң нызамлы мәплери мәмлекет тәрепинен қорғалыўы ҳәм исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманын орынлаў мақсетинде ислеп шығылған.

Атап өтилгениндей, Нызамның мақсети интеграцияласқан исбилерменлер жәмийетшилигин қәлиплестириў ҳәм исбилерменлик субъектлериниң, олардың бирлеспелериниң мәмлекетлик уйымлар менен нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерин кеңнен қамтып алыў және оларды исбилерменлер жәмийетшилигин қәлиплестириў процесине тартыўдан ибарат.

Нызамда улыўма қағыйдалар, палатаның ўазыйпалары ҳәм функциялары, мәмлекетлик уйымлар, басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиўи, исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериўлердеги қатнасы, оның жумысын шөлкемлестириў, халықаралық бирге ислесиў, келиспеўшиликлерди шешиў механизмлери нәзерде тутылған.

Нызамның жаңа редакциясында исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў ҳәм исбилерменлик және инвестициялық орталықты жақсылаў,  исбилерменлик жумысына жәрдем бериў, мәмлекетлик уйымлар, басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў, исбилерменлик субъектлерин оқытыў ҳәм кадрлар таярлаў, сыртқы экономикалық хызмет ҳәм шет ел инвестицияларын тартыў тараўларындағы Палатаның функциялары беккемлеп қойылған.

Сенаторлардың атап өткениндей, усы Нызамның турмысқа енгизилиўи исбилерменлик субъектлерин, әсиресе, олардың жумысы қәлиплесип атырған дәўирде қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын жаратыўға, ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиўге, жеке мүлкти ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыўға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге, олардың тийкарғы ролин ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеўге, республика районлары менен қалаларының халқын исбилерменлик жумысына кеңнен тартыўға жәрдем береди. Сенаторлар Нызамды мақуллады.

Мәжилис даўамында сенаторлар жаңа редакциядағы «Өсимликлер каратини ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Нызамда өсимликлер карантини тараўын, Өзбекстан Республикасының өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмети системасын ҳәм оған басшылық етиўди тәртипке салатуғын улыўма қағыйдалар, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың өсимликлер карантини тараўындағы ҳуқықлары менен миннетлемелери, өсимликлер карантинине байланыслы илажлар ҳәм оларды әмелге асырыў, усы тараўдағы мәлимлемениң ашық-айдынлығы, карантин астындағы өнимди алып кириў ҳәм алып шығыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Нызамда өсимликлер карантини тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, мәмлекетлик қадағалаўды жүргизиў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, сыртқы ҳәм ишки өсимликлер карантини бойынша илажлар системасын әмелге асырыў, фитосанитар қәўипсизликти тәмийинлеў, өсимликлер карантини тараўында нәтийжели мониторинг алып барыў системасын ислеп шығыў нәзерде тутылған.

Нызам Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының өсимликлер карантини тараўындағы ўәкилликлерин нәзерде тутатуғын нормалар менен толықтырылған.

Өзгертиўлерге муўапық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары өсимликлер карантини тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳәм басқа да бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады, тийисли аймақта бул тараўда жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады, халықты өсимликлер карантини объектлери тарқалғанлығы ҳаққында хабардар етиўде өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларына жәрдем береди.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул Нызам өсимликлер карантини тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў механизмин жетилистириў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, карантин хызмети жумысына заманагөй сырт ел технологияларын ҳәм қайта ислеў усылларын енгизиў, Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы жуўапкер хызметкерлериниң миннетлемелерин анық белгилеў, сондай-ақ, дән, өсимликлер, шийки зат ҳәм басқа да өсимлик өнимлери менен халықаралық көлемде саўда ислеўде өсимликлер кеселликлерин қоздырыўшылар, жабайы шөплер ҳәм зыянкеслер өтиўиниң алдын алыў мақсетинде импорт ҳәм экспорт етиўши еллердиң исбилерменлик субъектлери орынлаўы керек болған фитосанитария илажларын ҳәм нормаларын толық белгилеў арқалы фитосанитар қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы илажларды әмелге асырыў имканиятын береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жумысын, жынаят ҳәм жынаят-процессуал нызам ҳүжжетлерин, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириўге, сондай-ақ, елимиздиң экономикасын раўажландырыўға қаратылған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳакққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларын ратификациялаў ҳаққындағы бир қатар нызамларды да көрип шықты. Нызамлар сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымларының 2017-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабын тыңлады.

Есапта атап өтилгениндей, прокуратура уйымлары тәрепинен 2017-жылы нызам үстинлигин тәмийинлеў, нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, елимизде жынаятлардың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактикасы бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый жақтан қорғалыўын күшейтиў, район (қала) прокуратураларында исбилерменлик жумысының еркинлиги кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 386 штат бирлиги муғдарында қосымша прокурор орынбасары ҳәм жәрдемшиси лаўазымлары енгизилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-ноябрьдеги «Прокуратура уйымларының мәлимлеме-таллаў жумысы нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Қарарына муўапық әмелге асырылып атырған реформалардың ҳәм жаңаланыўлардың, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў, халықты жүз берип атырған ўақыялардан өз ўақтында хабардар етиў мақсетинде Бас прокуратура жанында Мәлимлеме-таллаў мультимедиа орайы шөлкемлестирилди.

Нызамшылықты тәмийинлеў жағдайын ҳәм жынаятлардың санын талқылаў нәтийжелери бойынша ҳуқықый бослықларды сапластырыў, ҳуқықый нормаларды қолланыўда исенимсизликке жол қоймаў. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди әмелге асырыў механизмлерин ислеп шығыў мақсетинде 2017-жылы Бас прокуратураның басламасы менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң бир қатар қарарлары қабыл етилди.

Нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға муўапық прокурорлар тәрепинен ҳәр жылы өз жумысы ҳаққында халық депутатларының тийисли Кеңеслерине есабат усыныў ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў жағдайы ҳаққында хабардар етиў тәртиби белгиленди.

Аўыл хожалығында реформалар алып барыўға қаратылған нызамлардың орынланыўы бойынша өткерилген қадағалаў илажлары нәтийжесинде фермер хожалықларына 51,3 миллиард сумлық кредит, 9,9 миллиард сумлық мийнет ҳақы алыўда ҳәм 5,8 миллиард сумлық дебиторлық қарызын өнидириўде, 375 фермер хожалығының банкте есап бетлерин дизимнен өткериўде ҳәм ашыўда әмелий жәрдем берилди. Қадағалаў илажлары ўақтында 15,5 мың гектар тийкарсыз берилген ямаса нызамсыз пайдаланылып атырған жерлер резерв қорына қайтарылды, ирригация ҳәм мелиорация илажларын өткериў ушын ажыратылған 114 миллион сум ҳәм 61,8 миллиард сумлық мийнет ҳақы, кредитлер ҳәм басқа да төлемлер талан-тараж етилгени анықланды. Айыпкерлер жуўапкершиликке тартылды.

Қадағалаў илажлары даўамында 51260 исбилерменлик субъектиниң нызамларын бузыў жағдайлары, соның ишинде, 57 нызамсыз араласыў жағдайы ҳәм 53 нызамсыз тексериў, 752 нызамсыз қарар қабыл етилгени анықланды. 49 866 исбилерменниң ҳуқықлары ҳәм 2797 исбилерменниң жумысы тикленди.

Есапты тыңлағаннан соң, сенаторлар жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, әдилликти беккемлеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша илажларды күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы Есап палатасының 2017-жылдағы жумысы ҳаққындағы есапты таңлады.

Атап өтилгениндей, 2017-жылы Есап-санақ палатасы тәрепинен 70 ке шамалас таллап үйрениў ҳәм қадағалаў илажы алып барылды. Соның 49 ы тиккелей орынларда, қалғанлары министрликлер ҳәм ведомстволарда өткерилди.

Есапта атап өтилгениндей, 2018-жылғы мәмлекетлик бюджет жойбарын ҳәм салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын көрип шығыўда Есап палатасы тәрепинен усыныслар таярланған ҳәм Қаржы министрлигине усынылған. Бул усыныслар тийкарында бюджет дәраматлары прогнозы 1,4 триллион сумға қайта есап-санақ етилди. Мәмлекетлик бюджеттиң республикалық ҳәм жергиликли дәрежедеги қәлиплесиўи ҳәм оның орынланыўы бойынша қадағалаў орнатылып, мәмлекет қаржыларының нызамлы, мақсетли, нәтийжели жумсалыўы бюджеттен қаржыландырылатуғын министрликлер ҳәм ведомстволар мысалында үйренип шығылды.

Қадағалаў илажлары нәтийжесинде 37 миллиард сумлық ҳәм 7 миллион долларлық нызамсыз және нәтийжесиз қәрежетлер ҳәм  270 миллиард сумлық қосымша дәрамат дәреклери анықланды.

Сенаторлар есапты тыңлап, Мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорлардың қаржыларынан нәтийжели, бюджет дәраматлары дәреклеринен болса толық пайдаланыў, орынлардағы секторлар басшыларының жумысына баҳа бериў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының, Президент қарарлары ҳәм бийликлериндеги тапсырмалардың орынланыўы үстинен қадағалаўды және де күшейтиў бойынша тийисли илажлар көриў зәрүрлигин атап өтти. Додалаўдың жуўмағы бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң ишки ислер уйымлары тәрепинен 2018-жылдың биринши ярым жыллығында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде министрлик тәрепинен жәмийетте тынышлықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, тергеў процесинде гүман етилген ҳәм жәбирленген шахслардың ҳуқықларын толық қорғаўға қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Быйылғы жылдың басынан берли алып барылған жумыслар нәтийжесинде жүз берген жынаятлардың санын 40,7 процентке азайтыўға ерисилди.

Соның менен бирге, соңғы ўақытта ишки ислер уйымларының оператив-хызмет ҳәрекети жынаятшылықтың ерте алдын алыў, ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў жумысларына қаратылды. Ҳәр бир шаңарақты үйрениў ҳәм бар машқалаларды қысқа мүддетте шешиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылды.

Мәҳәллелерде жынаятшылықтың ерте алдын алыўда ҳәм халықта жынаятлардың ҳәр қандай көринисине жек көриўшилик көзқарасты қәлиплестириўде әҳмийетли фактор сыпатында ҳәр бир жүз берген жынаятты жәмийетшилик пенен додалаў ҳәм ҳәр айда халықтын алдында профилактика инспекторлары тәрепинен есап бериў механизми жолға қойылды.

Буннан тысқары, жас шаңарақлардың арасында ажырасыў жағдайларының алдын алыў, тынышсыз семьялардағы жәнжеллерди сапластырыў бойынша қәнигелердиң қатнасыўында мақсетли профилактикалық илажларды әмелге асырыў белгиленди.

Профилактика инспекторлары Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар базаларына жалғанған заманагөй мобиль смартфонлар менен тәмийинленгени олардың жумысын буннан былай да жақсылаўда әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди. Сол арқалы оларға гүман туўдырған шахсларды тексериў ҳәм ҳуқықбузарлықты ислеген шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды бирден-бир базаға жайластырыў ушын имканият жаратылды.

Суд-ҳуқық системасын реформалаў шеңберинде нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм инсан ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў, гүман етилген ҳәм айыпкерлерге байланыслы зорлық және мийримсизликтиң ҳәр қандай көринислерине шек қойыў мақсетинде тергеў изоляторларында ҳәм тергеўшилердиң бөлмелеринде сораў процесин стенографияға түсириў, тергеў ҳәрекетлерин аудио ҳәм видео  көрсетиў системалары енгизилди.

Ишки ислер министриниң мәлимлемесин додалаў ўақтында сенаторлар тәрепинен жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы ишки ислер уйымларының жумысында жаңа инновациялық технологиялардан және де кеңирек пайдаланыў усыныс етилди.

Сенаторлардың атап өткениндей, ишки ислер уйымлары жумысының түп-тийкарынан жақсыланыўы 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаны табыслы орынлаўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады. Додалаўлардың жуўмақлары бойынша қарар қабыл етилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты он бесинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети