Жақында Республикалық көп тармақлы медицина орайының урология бөлиминде Ташкент қаласынан келген Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық урология орайының жетекши хызметкерлери мастер-класс өткерди.

Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық урология орайының «Өзбекстан Республикасы халқына қәнигелестирилген урологиялық жәрдем көрсетиўди жетилистириў бойынша 2018-жыл ушын комплексли илажлар» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылған илаж даўамында орайдың 2 шыпакери алты наўқасты операция етип, денсаўлығын тикледи. Олар менен республикамыздағы урология бөлиминиң тәжирийбели шыпакерлери биргеликте жумыс алып барды.

Усы орында соны атап өтиў керек, елимизде инсанның өмири ушын зәрүрли тараўлардан бири – денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болмақта. Бүгинги күнде пуқараларға денсаўлықты сақлаўдың мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлери системасы тәрепинен көрсетилип атырған тәжирийбели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықы кепилленген.  Солар қатарында 1970-жылдың январь айынан берли халыққа сапалы хызмет етип киятырған республикамыздағы урология бөлими дәслеп У.Халмуратов атындағы 1-санлы Республикалық емлеўхана жанында ашылған ўақытта 30  орынлық еди. 1996-жылға барып бөлимде орынлар саны 60 қа жетти. Бөлимге ең дәслеп ташкентли шыпакер-уролог Т.Саидов басшылық  еткен болса, кейин бул ўазыйпаны республикаға хызмет көрсеткен шыпакерлер А.Каримов, II дәрежели «Саламат әўлад ушын» ордениниң ийеси (кавалери), мийнет ветераны А.Абдисаттаровлар инабатлы атқарды.

1999-жылы «Аралды қутқарыў халықаралық қоры» менен биргеликте 1-санлы Республикалық емлеўхана жанында хожалық есабындағы урологиялық орай ашылды. Орай қымбат баҳалы үскенелер болған экстракорпоральлық литотриптер «Нова», трансуретральлық гипертермальлық терапия аппараты «Термекс II», магнитли-резонанслы томограф «Марекс»лер менен тәмийинленди. 1999-жылы Германиядағы Карл-Шторц фирмасының цистоуретроскоп үскенеси орнатылып, бүгинги күнге шекем диагностикалық ҳәм емлеў мақсетлеринде қолланылып келинбекте.

2014-жылдан баслап бөлимди жоқары категориялы шыпакер Р.Избасқанов басқарып келмекте.

Урология бөлими 2017-жылдың январь айынан баслап Республикалық емлеўхананың 4 қабатлы хирургиялық корпусының үшинши қабатына жайластырылды. Бөлимде сол күннен көплеген дәстүрий урологиялық операциялар әмелге асырылды. 2017-жылдың апрелинен баслап болса, аз инвазивли операциялар ислене баслады. Яғный соннан простата ҳәм қуўық кеселликлеринде, аз инвазивли перкуталлық цистостомада ҳәм перкуталлық нефростомияда ТУР операциялар әмелге асырылмақта.

Пайтахтымыздағы урология бөлиминде ҳәм Қоңырат, Мойнақ районларының медициналық бирлеспелеринде ташкентли қәнигелер тәрепинен пуқаралар медициналық тексериўден өткерилип, анық диагнозлар қойылды ҳәм анықланған кеселликлер бойынша зәрүрли белгиленди.

Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық урология орайының бөлим баслығы Джалал Джамилов ҳәм уролог шыпакер Муҳаммед Бахадырхановлар қарақалпақстанлы кәсиплеслери ушын шеберлик сабақларын өтиў менен бирге семинар жумысын да шөлкемлестирди. Илажда Джалал Джамилов «Сидик жоллары трактиниң инфекциясы» темасында лекция оқып, оған Республикалық көп тармақлы медицина орайы урология бөлиминиң ҳәм районлардағы емлеў-профилактикалық мәкемелериниң урологлары қатнасты.

  М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

А.АБДУЛЛАЕВА,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти