Қўмиталар мажлислари бўлиб ўтди

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси алдынан парламент жоқарғы палатасы комитетлериниң мәжилислери болып өтти. Онда он бесинши жалпы мәжилистиң күн тәртибине киргизилген нызамлар ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды.

Дәслеп, Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Есап палатасының 2017-жылғы жумысы ҳаққындағы есап дәслепки тәризде көрип шығылды.

Атап өтилиўинше, 2017-жылы Есап-санақ палатасы тәрепинен 70 ке шамалас таллап үйрениў ҳәм қадағалаў илажлары өткерилип, оның 49ы тиккелей орынларда, қалғаны министрликлер менен ведомстволарда әмелге асырылған. Сондай-ақ, 2018-жыл Мәмлекетлик бюджет жойбары ҳәм салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын көрип шығыўда Есап палатасы тәрепинен усыныслар таярланған ҳәм Қаржы министрлигине усынылған. Бул усыныслар тийкарында бюджет дәраматларының прогнозы 1,4 триллион сумға қайта есап-санақ етилди.

Мәмлекетлик бюджеттиң республика ҳәм жергиликли дәрежедеги қәлиплесиўи және оның орынланыўы бойынша қадағалаў орнатылып, мәмлекетлик қаржылардың нызамлы, мақсетли, нәтийжели жумсалыўы бюджеттен қаржыландырылатуғын министрликлер менен ведомстволардың мысалында үйренип шығылды. Қадағалаў илажларының нәтийжесинде жәми 37 миллиард сумлық ҳәм 7 миллион долларлық нызамсыз ҳәм нәтийжесиз қәрежетлер және 270 миллиард сумлық қосымша дәрамат дәреклери анықланды.

Сенаторлар тәрепинен мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорлардың есабынан ажыратылған қаржылардан нәтийжели бюджет дәраматлары дәреклеринен болса, толық пайдаланыў, орынлардағы секторлар басшыларының жумысына баҳа бериў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы үстинен қадағалаўды буннан былай да күшейтиў, Президент қарарлары менен бийликлериндеги тапсырмаларды орынлаўды қадағалаўдың нәтийжелигин арттырыў бойынша тийисли илажлар көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Дәслепки додалаўдың жуўмағы бойынша комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди

*   *   *

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бағдарындағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси дәслепки тәризде тыңланды және бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаўға байланыслы нызамлар додаланды.

Мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Тәжикстан Республикасы Ҳүкимети арасында Тәжикстан Республикасы әскерий жүклери ҳәм әскерий қурамының Өзбекстан Республикасы аймағы арқалы транзит өтиўи ҳаққындағы Келисимди (Душанбе, 2018-жыл 9-март) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы көрип шығылды.

Нызамда 2018-жыл 9-март күни Душанбе қаласында қол қойылған Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Тәжикстан Республикасы Ҳүкимети арасында Тәжикстан Республикасы әскерий жүклери ҳәм әскерий қурамының Өзбекстан Республикасы аймағы арқалы транзит өтиўи ҳаққындағы Келисимди ратификациялаў нәзерде тутылған. Келисим кирис бөлими ҳәм 15 статьядан ибарат. Онда Өзбекстан Республикасы аймағы арқалы Тәжикстан Республикасы әскерий жүклери ҳәм әскерий қурамының транзит өтиўи тәртиби ҳәм шәртлери белгиленген.

Автомобиль ҳәм темир жол транспорты, сондай-ақ, ҳаўа кемесинде тасып өтилетуғын жүк ҳәм әскерий қурам Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлерине муўапық шегара ҳәм бажыхана қадағалаўынан өтиўи және рәсмийлестирилиўи лазым. Транзит жүк бажыхана бажыларына ҳәм салықларға тартылмайды. Транзит тасып өтиў Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги тәрепинен берилетуғын бир мәртелик руқсатнама тийкарында әмелге асырылады.

Мәжилис даўамында «Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында өзбек-тәжик Мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы  Шәртнаманы ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында биргеликте әскерий оқыўларды өткериў ҳаққындағы Келисимди ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы менен Түркия Республикасы арасында экстрадиция ҳаққындағы Келисимди ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамлар көрип шығылды.

Соның ишинде, «Өзбекстан Республикасы менен Түркия Республикасы арасында экстрадиция ҳаққында»ғы нызамды додалаў ўақтында атап өтилгениндей, Экстрадиция ҳаққындағы Келисим жынаят ислегени ушын жуўапкершиликтиң бар екени принципин тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкары сыпатында жынаятшылыққа қарсы гүресиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

*   *   *

Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетиниң мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымларының 2017-жылғы жумысы ҳаққындағы есабы дәслепки тәризде көрип шығылды.

Суд-ҳуқуқ тараўындағы реформаларды әмелге асырыў дәрежесинде жынаят ҳәм нызам бузылыўлардың ақыбетлери менен гүресиў емес, ал олардың түпкиликли себеплерин системалы сапластырыў үлкен әҳмийетке ийе. Усы ўазыйпалардан келип шығып, 2017-жылы прокуратураның басламасы менен киргизилген 88 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Прокуратура уйымлары жумысының әҳмийетли бағдары сыпатында ҳуқық қорғаў уйымларының жумысын муўапықластырыўға, олар менен бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар қаратылды. Соның нәтийжесинде өткен жылы Республика көлеминде жынаятшылық 15,7 процентке азайыўына ерисилди.

Мәжилис даўамында жынаятларды тергеў ҳәм оператив-излеў жумысын әмелге асырыў процесинде нызамшылықты тәмийинлеў тараўында прокуратура уйымларының алдағы ўазыйпалары додаланды. Суд-тергеў жумысында ашық-айдынлықты ҳәм анықлықты тәмийинлеў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы