Ўзбекистон-АҚШ: Миллий қадриятлар – ўзаро ҳурмат манбаи

Өзбекстан ҳәм АҚШтағы Президент сайлаўларынан кейин еки ел арасындағы қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилди. 2018-жылы «Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары: стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўириниң басланыўы» деп аталған Бирликтеги билдириў қабыл етилди. Бул ҳүжжет еки мәмлекет басшыларының тилеклеслик ҳәм беккем ерк-ықрарының көриниси болды.

Жаңа дәўир өзиниң атамасы менен жаңа. Ол өз-ара түсинисиў, ҳүрметтиң жаңа дәрежесин баслап берди. Вашингтондағы қабыл етиў мәресиминде Президентимиз Шавкат Мирзиёев «…Еллеримиз географиялық жақтан қарағанда бир-биринен узақ болса да, мийнет сүйгишлик, кеңпейиллик ҳәм Ўатан сүйиўшилик сыяқлы қәдриятлар халықларымызды бирлестирип турады», деди. Дональд Трамп болса «…сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилген бирге ислесиўимиз еки елдиң айдын келешегиниң тек ғана басланыўы екенине исенемен», деп тән алды.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўда тилге алынған бул мәселелер халықларымызды бир-бирине тереңирик, қайта аңлатып, таныстыра баслады.

 

Беруний ҳәм Колумб

 

Өзбекстан ҳәм АҚШ қатнасықларында еки ел Президентлерниң жаңа дәўир баслап бергени бийкарға емес. Бунда тарийхый ҳикмет бар. Американы еки инсан ойлап тапқан. Дәслеп – Беруний, кейин – Колумб. Соның ушын Манхеттенда турған Колумбтың алдына Берунийдиң естелиги орнатылса, тарийхый әдалат орнаған болар еди. Бул Колумбтың қолына карта берип, жол көрсеткен уллы Берунийге миннетдаршылық билдириў болатуғын еди. Әйне Францияда Сақыпқыран Әмир Темурға қойылған «Европа қутқарыўшысы» естелигиндей…

2012-жылдың 13-октябрь күни Өзбекстан халық шайыры Хуршид Даврон өз сайтында «… 1492-жылдың 12-октябринде Христофор Колумб Америка материгин европалылар ушын ойлап тапқан еди. Европалылар ушын дегенимиздиң себеби, азиялылар, атап айтқанда, әййемги түрклер менен қытайлылар әзел-әзелден Европа ушын белгисиз болған материк пенен таныс еди», деген қатарларды жазды.

Географиялық аралық, биз 74 жыл жасаған бурынғы аўқамның идеологиясы америка ҳәм өзбек халықларының бир-бири ҳаққындағы түсиниклеринде өз изин қалдырғанын жақсы билемиз. Бул ҳаққында Аҳмаджон Мелибоев былай жазады: «Совет дәўиринде басып шығарылған китапларды оқысаң, Батысқа сапар етиў ол жақта турсын, бул туўралы ойлаўға да болмайтуғын еди. Неге десеңиз, оларда жазылыўынша, дүньяның жәми иллети – усы жерде, жәмийет ирип-ширип, байлар кәмбағалларды езип-женшип, фермерлер артықша өнимлерин арзан сатыўдан көре, үстине керосин сеўип шығындыға таслап атырған болар еди. Көшеге шықсаң – пақа-пақ атыспа, топалаң. Бир жақта жүз қабатлы, саўлатынан булт қорқатуғын бәлент имаратлар, екинши жақта майда-шүйде, үп десе, ушып кететуғын тозған үйлер. Мийрим-шәпәәт, сақыйлық деген гәптен намыў-нышан жоқ. Бул гәплерге исенгенбиз. Сол ўақытларда исенбеўдиң өзи саўатсызлық еди… » Жасларымызға бундай пикирлер ерси түйилер. Лекин әне сондай еди. Бул- класслық қатнас, делинетуғын еди.

Бүгин – халықаралық байланыслардың пүткиллей жаңа – теңлик, өз-ара ҳүрметке тийкарланған форматы әмелде. Өзлигимизге ҳүрметимиз асқан сайын дүньялық итибарымыз артпақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Дональд Трамптың мирәт етиўи менен 2018-жыл 15-17-май күнлери АҚШқа еткен рәсмий сапары буның айқын дәлили болды. Еки мәмлекет президентлериниң қоллары жақсы нийет, бир-бирин түсиниў, ҳүрметке қурылған, узақ мүддетли шериклик ушын беккемленди.

 

Америкаша мийнет сүйгишлик

 

Тарийхтан белгили, Америка қәдриятлары жаңа жерге жақсы өмир сүриў үмитинде келген, өз қәбилетин ҳәм күш-жигерин иске қосып, қыйыншылықларды жеңип жасаған көшпелилердиң әрманларынан басланған.  XIX әсирде белгили болған, тек ғана өзине ҳәм атына исенетуғын, барлық қәўип-қәтерлерге қарсы тура алатуғын мәрт, бир сөзли, тәўекелши ковбой образы белгили. Әне усы «ковбой руўхы» менен «миллет аталары» басшылығында гүресип азатлыққа шықты. Тоғайлар өзлестирилди, кәнлер табылды. Санаат гүрлеп, бийик имаратлар қурылды. Исбилерменлер байып, жумыс орынлары көбейди, адамлардың нәтийжели мийнетине, абадан жасаўына шараят жаратып берди. Америкалылар буны жақсы биледи ҳәм «байлар биреўлердиң есабынан жасайды», деп есапламайды.

Ҳақыйқатында да солай ма? дәреклерге бола, америкалылар бир ҳәптеде 38 cаат ислейди. Бул француз, немис, австралиялыларға салыстырғанда көбирек.

Бунда америкалылардың миллий идеясы – «Америка әрманы»ның роли үлкен. Бул сөз америка халқы материаллық ҳәм руўхый арзыўларының белгиси. Вильям Сефайрдиң «Сиясий сөзлиги»нде «Америка әрманы» – бул, «тийкарын салыўшы аталар» белгилеп берген идеал еркинлик ҳәм имканиятлардың белгиси; Америка миллетиниң руўхый қүдирети, егер де АҚШ структурасы Америка сиясатының скелети болса, «Америка әрманы» – оның жүреги», делинеди. «Америка әрманының» қурамлы бөлимлери сыпатында ҳадал мийнет пенен өзин көрсетиў, еркин исбилерменлик, жәмийетлик жуўапкершилик, ўатанласларды ҳүрмет етиў, жәмийетте адамның ҳүрмет-иззети ҳәм ролиниң артыўы тән алынады.

Америкалылардың руўхыятында келешекке исеним жетекши қәдрият болып есапланады. Бул оларға таўсылмас оптимизм руўхын бағышлайды. Соның ушын олар әўметсизликке ушыраса «Бул рет келиспеди, бирақ енди ақылға уғрас жолларын табаман», деп жумысты қайта баслайды.

Кейинги он жыллықлар америкалылардың келешекке умытылыўына күшли импульс берди. Әсиресе, информация технологиялары оларды «алға жуўырыўшылар»дан «алдыға секириўшилер»ге айландырды. Барлық нәрсе компьютерлести. Интернет, жасалма жолдасқа байланысқан телефонлар халықтың мобильлигин бир неше есеге тезлестирип жиберди.

Америкалылар перзентлерин балалығынан-ақ еркин қарарлар қабыл етиўге үйретип баслайды. 18 жастан баслап жаслар ата-анаға жүк болмаўы ушын ата үйин тәрк етип, оқыўға, жумысқа кирип кетеди. Жеке өмири менен байланыслы барлық машқалаларды өзлери шешеди. Жаслардың ата-ана қушағында 18 жастан кейин қалып кетиўи әтираптағыларда олар ҳаққында «шийки», «турмысқа таяр емес», «аяқ қолы жоқ па, ата-анасына жүк болып атыр», деген наразылықты оятады. Гейде ата-ана жас ул-қызларына жәрдем береди. Бирақ, буны баламыз уялмасын, деп арасында қылады.

Америкалылар ўақытты – пул, дейди. Бул қағыйдаға тек ғана өндиристе емес, ал ҳәмме жерде, мәселен, саўда ҳәм хызмет көрсетиўде де әмел етеди. Процесслерди автоматластырып, ҳәммениң ўақтын үнемлейди. Әйне ўақытта талапшаң ҳәм ғайратлы адамларды көбирек ҳүрмет етеди. Соның ушын бай америкалылар қартайып қалғанында да ислейди. Пул ушын емес, жумыссыз жасай алмағаны ушын.

Социологлардың изертлеўлерине бола, америкалылар монохрон мәдениятқа тийисли халық. Яғный олар ҳәр бир жумысты бирме-бир, қатаң избе-изликте, тәртип пенен, өзгеше етип айтқанда, кеўилдегидей орынлайды. Ҳәттеки тәртипке әмел етиў олардың сол ўақытлардағы мәпине қайшы келсе де. мәселен, мектепте қоңыраў шалынғаннан соң ҳәр қанша қызық болмасын ямаса шынығыў тамамланбаған болса да, тоқтатылады.

Полихрон мәдениятқа әмел ететуғын еллерде жумысларды бир ўақытта, жол-жөнекей ислеп алыў, ушырасыў ямаса мәжилиске бираз кешигип барылыў ҳәм буған әҳмийет берилмеўи де мүмкин. Бирақ, америкалы ушын ўақыт айрықша қунға ийе. Сол себепли, онда ҳәрекеттен тоқтаў, бийкаршы гәплер ушын ўақыт болмайды. Белгили ўақыттағы әмелий нәтийжелилик ҳәм пайдалы белсендилик қәдирленеди.

 

Америкаша ўатан сүйиўшилик

 

Америкада топлаған пулының муғдары ол адам қаншелли белсендилиги ҳәм жәмийет ушын пайдалырақ дәрежеси белгиленеди. Ҳәзирги ўақытта адамлар ол ҳаққында не деп, оны қандай баҳалап атырғаны да оғада әҳмийетли есапланады. Солайынша ҳәр бир адамның ерискен табысы ол ҳаққындағы жәмийетлик пикирде сәўлеленеди.

Адамлардың тән алыўы, белгили болыў жәмийетте таныс-билислик орталығын кеңейтеди. Бирақ жақын дослар аз болады, себеби дослық ўақыт талап етеди. Ўақыт болса – пул. Әдетте америкалылар таныс емес адамларға, қоңсыларына жақсы мүнәсибетте болады, бирақ олар менен досларша мүнәсибетлерге кириспейди.

Америка телеканалларында бағдарламалар көп, рәңбәрең. Ғалаба шоулар бийпул болып, орташа талғамға мөлшерленген. Классикалық шығармалар – опера, балет, симфониялық музыка, поэзия болса, таңсық. Себеби олар қымбат баҳаланады. Олардан заўық алыў ушын төлемли телеканалларға жалғаныў керек.

«Америкалылар – сергек миллет. Бул жерде қандайда бир гүманлы, нызамға қайсы жумыс пенен шуғылланып атырған танысы ямаса қоңсысының үстинен тийисли уйымларға хабар бериў уят есапланбайды. Америкалылар характериниң мине усы пазыйлети көплеген жынаятлардың алдын алып, қәўипсизлик дәрежесин арттырыўға үлкен жәрдем бермекте. Жынаятшылық Германия, Норвегияға қарағанда көп (ҳәр100 мың адамға 4,6 адам өлтириўшилик). Бирақ, бул көрсеткиш айырым еллерге қарағанда төмен ҳәм төменлеп бармақта. Мәселен, 2005-жыл ҳәр 100 мың адамға 416 автомобиль урлығы туўра келген болса, 2010-жылға келип бул сан 239ға азайған.

АҚШта жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған жәмийетлик қадағалаў жолға қойылған. «Халық дружиналары» жумыс алып барады. Олар Neighborhood Watch (Сергек қоңсышылық) деп аталады. Адамлар топарларға жәмлесип, көшелерде патруллер жәрдеминде тәртип сақланыўын қадағалайды. «Биз бир-биримизди қәдирлеймиз» сүрени астында әмелге асырылып атырған превентивлик илажлар жынаятшылықтың алдын алыўда үлкен нәтийже бермекте», деп жазады visasam.ru/emigration баслымы.

 

Америкаша кеңпейиллик

 

Қайырқомлыққа ҳәм билимлендириўге қәўендерлик етиў жәмийетшилик тәрепинен жоқары қәдирленеди. Бул философия гуманитаризм, деген ат алған. Мәселен, АҚШтың белгили ҳәм бай адамларынан Жон Рокфеллер «Сиз не ушын университет қурыўға үлкен қаржыңызды жумсап атырсыз?», деген сораўға: «Қудай маған ақша берди, неге мен оны Чикаго университетин қурыўға жумсамаўым керек?», деп жуўап берген. Көпшилик америкалылар Адам өз өмири ҳәм байлығының бир бөлегин инсаныйлық мақсетлерге жумсаўы керек. Әне сонда оны Қудай қоллап-қуўатлайды, адамлар оннан разы болады, деп есаплайды. Буннан америкалыларда мәнәўий ҳәм материаллық қәдирятлар бир-бирин толықтырып турады, деген жуўмаққа келиў мүмкин.

Итибар бериң, жәҳән қайырқомлық индекси бойынша АҚШ 2017-жылы  139 елдиң ишинде 5-орынды, 2016-жылы 50 елдиң арасында өткерилген «Миллий билимлендириў системасының нәтийжелилик индекси» изертлеўинде 1-орынды ийелеген.

Еркинлик, демократия дәўиринде жасап атырмыз. Сол себепли Америка ҳаққында пикир билдиргенде кимдур унамлы, кимдур унамсыз пикирлерди жазады. АҚШта жасап келген бир пуқара «АҚШ бизиң миллий қәдриятларымызды бузып атыр», деген ўатан сүйиўшилерге қосыла алмайман. Себеби мен АҚШтан қайтып келгеннен соң Америка қәдирятларынан бирде-бирин елимизде көрмедим. Мәселен, қаланың узақта авто авариядан жәбирленген адамды вертолётта алып кеткенин, жолларда «Тез жәрдем» машинасына жол берип, өткерип жибериўи, сени биреў қуўып өтип атырғанында тезликти асырмаўды, шығындыларды белгиленген пакетлерде, түрине қарап таслаўды, есиктиң алдында қалдырылған почта бандеролына ҳеш ким тиймейтуғынын, қоңсылардың алдында дийўал болмаўын, супер маркетте сени өткерип жиберген адамға рахмет айтып, кеширим сораўды, автомобильди қадаған етилген орынларға, балалар майданшаларының жанына қоймаўды, касса алдында 20 түрли нәрсе сатып алған адамның 1-2 зат алған адамды гезексиз өткерип жибериўин, жолда жатқан гербиштиң сынығын алып таслаўды, автомобильде қандайда бир ҳайўанды билқастан түртип жиберген басқарыўшының оны ветеринарға алып барғанын, еле жүдә жас баланың полиция хызметкеринен туфлиниң баўын өткерип бериўин сораўы әдеттеги жағдай екенин, жақын инсаны қайтыс болған адам қоңсылардан жәрдем сораўды емес, қоңсылар оған жәрдемге келиўин мен Америкада көрдим. Бул Америка қәдриятларынан бирде-бирин елимизде көрмедим деп жазыпты.

Руўхый қәдриятлар, мәденият, көркем өнер халықларымыздың бир-бирин түсиниўи, «халық дипломатиясы», гуманитарлық бирге ислесиў байланысларын беккемлеўдиң шексиз дәреги болып табылады. Буның ибраты Президентимиздиң Өзбекстан тарийхын дүньяға танытып атырған Фредерик Старр ҳәм барлық америкалы илимпазларға миннетдаршылығында көринди.

Өзбек мақам көркем өнерин раўажландырыў, дүньяға таныстырыўға қосқан үлеси ушын мақам ансамбилиниң бурынғы хызметкери Изро Малаковқа «Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳүрметли атағы берилгени умытылмас тәсир қалдырды. Изро Малаков жоқары итибар ҳәм қәдирдан өзбек халқының атағы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Бул сыяқлы ҳәрекетлер Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеўге тийкар болып хызмет етпекте.

 

Муҳаммаджан ҚУРОНОВ,

Республикалық Руўхый-ағартыўшылық

 орайы басшысының биринши орынбасары.

ӨзА