Өзбекстанда физикалық ҳәм юридикалық шахсларға пулы тийкарда автомобиль айналарын қарайтыў (тонировка)ға руқсат бериў режелестирилмекте. Бул ҳаққында ҳүкиметлик қарар жойбарына тийкарланып Podrobno.uz хабар берди, деп жазады Daryo.uz.

Ҳүжжет жойбарында жеңил автомобильлердиң артқы айналарын 5 процент ҳәм артқы қаптал айналарын 30 процентке шекем қарайтыўды белгилеў усыныс етилмекте.

Тонировка Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги структуралары тәрепинен 1 жыллық мүддетке берилген руқсатнама тийкарында, тастыйықланған мәмлекетлик стандартқа муўапық ИИМ жанындағы «Инновациялық жойбарлар ҳәм халыққа сервис хызметин көрсетиў орайы»  МУК тәрепинен әмелге асырылады.

Машинаның алдынғы айнасының жоқарғы бөлиминде 14 сантиметрден қалың болмаған ҳәм жақтылық өткериўшеңлиги 30 проценттен кем болмаған полоса орнатыў ушын руқсатнама талап етилмейди.

Тонировкаға руқсат бериў ҳәм оны орнатыў ушын төлеў ставкасы физикалық шахслар ушын ең кем мийнет ҳақының 90, юридикалық шахслар ушын 120, сырт еллердиң юридикалық шахслары ушын ең кем мийнет ҳақының 140 есеси муғдарында болады.

Машина айнасы қарайтылған сырт еллердиң транспорт қуралларында Өзбекстан аймағына кириў ҳәм транзитлик өтиў жағдайларында 15 доллар муғдарында төлем алынады.

Ишки ислер министрлиги хызмет машиналарының айналарын қарайтыў руқсатнамасы ҳәм бийпул орнатыўға руқсат берилген мәмлекетлик органлардың дизимин тастыйықлайды.

Ҳүжжетте пулы тонировкаға 2018-жылдың 1-июль сәнесинен руқсат берилиўи белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги