Бухара – Мискин темир жол линиясында өрт қәўиспизлиги күшейтиледи ҳәм жаңа қәнигелер жумысқа алынады. Бул ҳаққында Президенттиң «Бухара – Мискин темир жол линиясында транспорт коммуникациясы қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарында сөз етилген, деп жадазы Daryo.uz Sputnik басылымына тийкарланып.

Ҳүкимет усы мақсетлерге арнаўлы жумысшы топарлар ҳәм бөлимшелерди шөлкемлестириўди режелестирмекте, Ишки ислер министрлигине болса еки ҳәпте ишинде штат бирлигин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў тапсырылды.

Бухара ўәлаяты Ишки ислер басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң өрт қәўипсизлиги басқармалары жанында транспорт объектлеринде өрт қәўипсизлиги топарлары шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, бир ай мүддетте мәкемелердиң қәнигелери қумлы төбешиклер тәсириниң алдын алыў бойынша жумыслар комплексин ҳәм айрықша жағдайларда илажлар системасын ислеп шығыўы керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги