Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-июнь күни Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳаммедов пенен телефон арқалы сәўбетлести, деп хабар бермекте мәмлекет басшысының баспасөз хызмети.

Мәмлекет басшысы сәўбет басланыўында Түркменстан Президентин туўылған күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлады, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар тиледи.

Сәўбетлесиў даўамында саўда, өндирис кооперациясы, энергетика тараўлары, нәтийжели транспорт ҳәм транзит коммуникацияларын раўажландырыў, сондай-ақ, мәдений-гуманитар бағдарлар бойынша бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алмасылды.

Түркменстан Президенти шын жүректен қутлықлаў ҳәм тилеклер ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди ҳәм Өзбекстан Президентин усы жылдың август айында Ашхабадта болып өтетуғын Аралды қутқарыў бойынша халықаралық қоры шөлкемлестириўши мәмлекет басшыларының саммитинде қатнасыўға мирәт етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги