Өзбекстан жаслар аўқамы шөлкемлестирилген күн – 30-июнь сәнеси елимизде «Жаслар күни» деп жәрияланған еди.

Усы мүнәсибет пенен республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 25-июньнен 30-июнь күнлери аралығында байрам илажлары өткерилип басланды.

Усындай илажлардың бири пайтахтымыздағы «Нәўбәҳәр», «Наўқанбағ» ҳәм «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйынларында балалар ушын «Көшпели қуўыршақ театры»ның спектакльлери қойып берилгени сөзимиздиң дәлийли есапланады.

Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы барлық әскерий бөлимлерде «Закаўат» интеллектуаллық ойынлары, Нөкис медициналық колледжинде «Өзбекстан Ўатаным мениң» атамасында жас исбилерменлер ҳәм өнерментлердиң көргизбеси, «Ҳеш ким меҳир-мүриўбеттен шетте қалмайды» атамасында емленип атырған балаларға байрам саўғасын тапсырыў(Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў балалар саноторийсы) илажлары, Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы,  «Туран» стадионында байрам мүнәсибети менен “Youth Day” атамасында жуўырыў марафоны, және де жас шаңарақлар арасында «Биз саламат турмыс тәрепдарымыз» атамасында қуўнақ стартлар спорт жарыслары, пайтахтымыздағы «Туран» стадионында ҳәм Әмир Темур дем алыў орайында, спорт имаратларында «Мен ҳәм Жаслар аўқамы» акциясы шеңберинде «Биз саламат турмыс тәрепдарымыз» атамасында жаслар арасында спорттың шахмат-шашка, футбол, стол теннис түрлери бойынша жарыслар, «Истиқлол» балалар дем алыў орайында «Жаслар сейиллери» өткерилип, сейил шеңберинде «Китапқумарлық викториналары», «Китап ярмаркалары», «Дүнья аяқ ойынлары» шоулары, «Жас сүўретшилер ҳәм өнерментлер галереясы»ның көргизбелери орын алған.

Жас исбилерменлер тәрепинен «Саўда ярмаркалары», жас дөретиўшилер тәрепинен «Проза ҳәм поэзия» атамасында кешелер өткериледи.

Бундай илажлар республикамыздың барлық районларында өткерилмекте.

Бул ҳаққында толық ҳәм ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

 

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы