Аҳоли муаммоларини ҳал этиш, турмуш шароити ва ҳаёт сифатини яхшилаш – бош мақсадимиз

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 27-июнь күни «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў, халықтың жасаў орынларын абат мәканға айландырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасының Бас министри ҳәм оның орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, министрлик ҳәм ведомстволардың жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Президентимиздиң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, усы жылы 159 райондағы 386 аўылда қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Усы аўылларда 142 мың жеке тәртиптеги турақ жай ҳәм 1000 нан аслам көп қабатлы турақ жайды оңлаў, 2,5 мың километр электр, 495 километр газ, 2 мың километр ишимлик суўы тармақларын тартыў ҳәм қайта тиклеў, 17 мың дана канализация қудығы ҳәм 3 мың километр жолларды оңлаў, 2 мың 400 базар ҳәм басқа да инфраструктура объектлерин қурыў белгиленген.

Буннан тысқары, 388 мектеп, 313 бақша, 168 медицина мәкемеси,  38 мәҳәлле имараты ҳәм 55 басқа да социаллық тараў объектин қурыў ҳәм оңлаў режелестирилген.

Бүгинги күнге шекем 51 мың 660 жеке тәртиптеги турақ жай, 518 көп қабатлы турақ жай, 610 километр электр тармағы, 66 километр газ қубыры, 398 трансфортматор пункти оңланған.

Мәжилисте бул бағдардағы дәслепки нәтийжелер ҳәр тәреплеме талланды. Бағдарламада белгиленген жумысларды шөлкемлестириўде ҳәм әмелге асырыўда немқурайдылыққа жол қойылып атырғаны атап өтилди.

Атап өтилгениндей, бағдарламаға қосымша киргизилген 64 аўылдың 44 и бойынша, соның ишинде, Әндижанда – 22, Наўайыда – 6, Ташкент ўәлаятында – 13, Хорезмде – 3 аўылдың бас режеси ислеп шығылмаған.

Президентимиз бағдарламаны әмелге асырыў ушын зәрүр болған қаржыларды қәлиплестириў бағдарындағы жумыслардың немқурайдылық пенен алып барылып атырғанын сынға алды. Бир қатар аймақларда турақ жайларды оңлаў жумыслары елеге шекем талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген. Мысал ушын, 54 аўылдағы жәми 14 мың турақ жайды оңлаў ислери  басланбаған. Аўыллық жерлердеги көп қабатлы турақ жайларды оңлаў жумыслары талап дәрежесинде емес.

Мәжилисте бағдарлама шеңберинде халықтың ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бағдарындағы жумысларды жетилистириў зәрүрлиги атап өтилип, Бухара, Жиззақ, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында суў тармақларын қурыў жумысларын жеделлестириў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Өткерилген таллаўлар аўылларда жер асты суўларының қәддин азайтыў бағдарындағы жумыслардың талап дәрежесинде шөлкемлестирилмегенин көрсетпекте. Жер асты суўларының қәддин төменлетиў ушын 2,2 мың километр мелиорация тармақларын оңлаў ҳәм тиклеў талап етиледи. Бирақ, бүгинги күнде тек ғана 220 километр  коллектор-дренаж системасында жумыслар орынланған.

Мәмлекетимиз басшысы еки ҳәпте мүддетте аўылларда ирригация ҳәм коллектор-дренаж тармақлары бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўды жуўмақлап, жумысларды баслаў бойынша жуўапкер хызметкерлерге тапсырма берди.

Мәжилисте 73 аўылда 455 километр электр тармақларын және 40 елатлы пунктте 76 километр газ тәмийинатын оңлаў жумыслары елеге шекем басланбағаны айрықша көрсетип өтилди. «Өзбекэнерго» АЖ администрациясына бул қалақлықты тез сапластырыў, жергиликли ҳәкимликлер менен бирге еки ҳәпте мүддетте усы аўылларда электр энергиясы тармақларын оңлаў жумысларын баслаў ўазыйпасы тапсырылды.

Сондай-ақ, шетки аймақларға суйылтырылған газ баллонларын жеткерип бериў бойынша күнлик график ислеп шығып орынланыўын тәмийинлеў, бағдарламаға киргизилген аўыллар ҳәм оларға жақын аймақларда автомобиль жолларын оңлаўды гүзге шекем жуўмақлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратылды. Бағдарламаға киргизилген аўылларда социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў жумыслары артта қалмақта, соның ишинде, 318 мектеп бойынша жойбарлаў-смета жумыслары жуўмақланбаған.  109 шаңарақлық поликлиниканы оңлаў бойынша тармақ графиклерин ислеп шығыўды ҳәм тастыйықлаўды жеделлестириў зәрүр. Қашқадәрья, Самарқанд, Сырдәрья ўәлаятларында медицина мәкемелерин оңлаў жумыслары кешиктирилмекте. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары тек Бухара, Жиззақ, Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятларында өз ўақтында орынланбақта.

Аўыллық жерлерде заманагөй саўда орынларын және турмыслық хызмет көрсетиў комплекслерин қурыў аўыл халқының турмыс шараятының жақсыланыўында әҳмийетли нәтийже береди. Буннан 2 ай бурын өткерилген мәжилисте аўыллық жерлерде 368 саўда комплексин қурыў бойынша тапсырма берилген еди. Ҳәзирги күнде олардың 52 син қурыў басланған, 36 сына жер ажыратылған, 66 сы реконструкция етилмекте.

Мәжилисте 214 супермаркет типиндеги саўда комплекслерин қурыў, аўыллық жерлерде турмыслық хызмет көрсетиў комплекслерин ҳәм моншаларды жаңа үлгидеги жойбарлар тийкарында қурыў ушын бос турған имаратларды исбилерменлерге бериў илажларын көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәзирги күнлерде елимиздиң барлық ўәлаятларында қурылыс-абаданластырыў жумыслары жедел алып барылмақта. Мәжилисте аймақларға қурылыс материалларын үзликсиз ҳәм жетерли муғдарда жеткерип бериў, аўыллық жерлерде сондай өнимлер дүканларын ашыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул белгиленген илажлардың сапалы ҳәм мүддетинде орынланыўын тәмийинлеп, қурылыс жумыслары баҳасы асып кетиўиниң алдын алады.

Ҳәммемизге белгили, Президентимиз быйыл 1-июнь күни Чиланзар районындағы Хирмонтепа ҳәм Тирсакобод мәҳәллелеринде болғанында «Абат мәҳәлле» бағдарламасының жойбарын қәлиплестириў бойынша тапсырма берген еди.

Бүгинги күнде тәжирийбе сыпатында Ташкент қаласының 11 районы ҳәм елимиздеги 30 қалада 1 еўден мәҳәлле аймағында абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласындағы мәҳәллерди үйрениў бойынша басланған жумысларға тоқтап, пайтахтымыздағы жағдай ўәлаятлардағы ең шетки аўыллардан да ашынарлы екенин өкиниш пенен атап өтти.

– Халқымыз бир айдан берли Ташкент қаласындағы мәҳәллелердиң жағдайы ҳаққындағы телекөрсетиўлерди көрип атыр. Тек Чиланзарда емес, ал қаланың дерлик барлық районында Манастағы шараяттан да жаман орынлардың бар екенилигин ҳәкимлер ҳәм жуўапкер ведомстволардың басшылары билмейди. Себеби, басшылар бундай жерлерге улыўма бармаған, – деди Президентимиз. – Қашанға шекем ҳәкимликлер ҳәм жуўапкер ведомстволардың басшылары жоқарыдан тапсырма келиўин күтип отырады, қашан олар машқала ҳәм кемшиликлерди өз басламасы менен сапластырыўды баслайды? Тилекке қарсы, усы ўақытқа шекем бул сораўға ҳеш кимнен жуўап алмадым.

Әне, усы сыяқлы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде «Абат аўыл» бағдарламасы тәжирийбесинен келип шығып, «Абат мәҳәлле» бағдарламасы қабыл етилди.

Усы бағдарламаға муўапық, быйылғы жылы ҳәр бир қалада 2 ден ҳәм 2022-жылға шекем ҳәр жылы кеминде 3 тен мәҳәлле көриниси түп-тийкарынан жаңаланады. Ишимлик суўы, электр ҳәм тәбийғый газ, канализация тармақларында қурылыс-оңлаў, жер асты суўларының қәддин азайтыў жумыслары алып барылады. Сондай-ақ, 5 мың 607 километр ишки жоллар, 369 социаллық тараў объектин оңлаў, 969 базар инфраструктурасы объектин ҳәм сервис шақапшаларын қурыў мөлшерленген. Бул ушын жергиликли ҳәкимликлер жанында «Абат мәҳәлле» қорлары дүзиледи.

Бағдарламаны әмелге асырыў ушын 2018-2019-жыллары жәми 3 триллион 130 миллиард сум қаржы ажыратылады. Бир сөз бенен айтқанда, бул бағдарлама мәҳәллелерди абат етиўде әҳмийетли қәдем болады.

– «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў реформаларымыздың ишиндеги ең әҳмийетли орынлардан бирин ийелейди, – деди Президентимиз. Себеби биз халқымыз адында олардың машқалаларын шешиў, турмыс шараятын ҳәм жасаў сапасын жақсылаўға миннетлимиз.

Мәжилисте бағдарламаға муўапық аўыл ҳәм мәҳәллелерди абат етиў жумысларын системалы шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының сөзсиз орынланыўын қадағалаў бойынша қатаң қадағалаў механизмин буннан былай да күшейтиў, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да тараўларда анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша ҳәр бир район ҳәм қала бойынша өз алдына «жол картасы»н және турақ жайлар, социаллық ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў объектлериниң қурылысын шөлкемлестириў бойынша «тармақ графиги»н тастыйықлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәр ҳәптениң сәршембиси «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» күни деп бегиленди. Сол күни республика-ўәлаят-район дәрежесиндеги барлық шөлкемлер менен усы бағдарламалардың орынланыўын сын көзқарастан додалап, машқалаларды шешиў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.

– Орынлардағы ҳақықый жағдайды биз халқымыздан жасырмаймыз ҳәм барын қандай болса, сондай көрсетип барамыз. Әлбетте, бул көпшиликке жақпай атыр, көп басшылар буны қабыллай алмай атыр. Бирақ биз бул бағдардағы барлық жағдайды ҳәм баслаған жумысларымызды халқымыз бенен мәсләҳәтлесип ҳәм жәмийетлик қадағалаў астында әмелге асырамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Видеоселектор мәжилисинде «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынланыўын өз ўақтында, сапалы тәмийинлеў, бар машқалаларды шешиў бойынша жуўапкер басшыларға тийисли ўазыйпалар жүкленди.

ӨзА