Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында арнаўлы илаж болып өтти.

Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларындағы коррупцияға байланыслы мүнәсибетти қәлиплестириўде ҳәм жарысларда белсендилик көрсетип киятырған жас хызметкерлерди сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Илажда халқымыздың тынышлығын ҳәм абаданлығын тәмийинлеўде көрсетип киятырған пидайылығы ҳәм жумысларында коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплерин қатаң сақлағаны ушын бюроның Нөкис қалалық бөлиминиң мәмлекетлик орынлаўшысы Гүлжаҳан Әлеўова еки миллион сумлық ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымлары менен әскерий хызметкерлер арасында өткерилген «Өзбекстан футбол ассоциациясы кубоги-2018» жарысының республикалық басқышында биринши орынды ийелегени ушын басқарманың Мүрәжатлар менен ислесиў секторының инспекторы Ақылбек Ҳәкимов, Беруний районлық бөлиминиң мәмлекетлик инспекторы Айбек Шамшетовларға      3-дәрежели юрист дәрежеси берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.