Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев жәмийетшилик арасында быйылғы жылғы тест сынақларындағы өзгерислер бойынша келип шығып атырған түсиниксизликлерге анықлық киргизип өтти.

– Көпшилик быйылғы жылы тест сынақлары онлайн болып өтеди, компьютерде тапсырылады, тест жуўмақланғаннан кейин нәтийжесин билип кетиў мүмкин болады екен, деген мазмундағы гәплер жүргенлиги ҳәммемизге белгили. Усы орында быйылғы тест процесиндеги өзгерислер ҳаққында айтқанда, усы мәселеге және бир мәрте түсиник берип өтпекшимен.

Быйылғы жылы тест сынақлары онлайн формада – компьютерде тапсырылмайды. Әдеттегидей тәризде сораўлар бети ҳәм жуўаплар бети арқалы әмелге асырылады. Абитуриентлер сораўларға жуўапларды жуўаплар бетиндеги шеңберлерди бояў арқалы белгилейди. Тест нәтийжелери тест болып өткен күнниң ертеңине Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz сайтында жәрияланады.

Тест онлайн болмағаны менен, тест процесиниң өтиўи ата-аналар ҳәм басқа да бақлаўшылар ушын онлайн тәризде көрсетип турылады, – деди Музаффар Абдуллаев.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.