Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетте демократиялық прициплерди беккемлеўде ғалаба хабар қуралларының орны гиреўли. Тараў хызметкерлери елимизде болып атырған жаңаланыў процесслерин терең таллаў тийкарында жарытыў, халыққа исенимли ҳәм қалыс информацияларды жеткериў бойынша нәтийжели мийнет етпекте.

Өзбек Миллий академиялық драма театрында 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ветеран журналистлер, баспа хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине байрам қутлықлаўын Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султанов оқып еситтирди.

Быйыл тарийхымызда биринши мәрте усы сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманына менен тараўдың раўажланыўына ылайықлы үлес қосып киятырған бир топар хызметкерлер мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланды. Ол байрамға өзгеше көтериңки руўх бағышлады. Илажда Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары салтанатлы тапсырылды.

Илажда шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз басшысы тәрепинен соңғы жылларда  ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў ҳәм баспасөздиң тәсиршеңлигин арттырыўға үлкен итибар берилип атырғанын атап өтти. Тараў хызметкерлериниң мийнети ылайықлы сыйлықланып атырғаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, елимизде пуқаралардың сөз еркинлигине байланыслы ҳуқықларын, информация қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараў хызметкерлериниң мәплерин қорғаў бойынша барлық ҳуқықый тийкарлар жаратылған.

Президентимиздиң 2017-жыл 3-августта дөретиўши зыялылардың ўәкиллери менен өткерген ушырасыўда алға қойған идеялары ҳәм усыныслары елимиз дөретиўшилик шөлкемлери жумысында жаңа дәўирди баслап берди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик қорын шөлкемлестириў ҳаққында», «Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында», «Мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлериниң, дөретиўшилик аўқамларының ҳәм ғалаба хабар қуралларының жумысын буннан былай да раўажландырыў, тараў хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў бойынша қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарлары тараўды еле де раўажландырыў, хызметкерлердиң мийнетин ылайықлы баҳалаў және олардың жасаў шараятларын жақсылаўда ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте

Бүгинги күнде елимизде 1500 ден аслам ғалаба хабар қуралы жумыс алып бармақта. Олардан 700 ге шамаласы газета, 309 ы журнал, 65и телевидение 35 радио, 4 мәлимлеме агентлиги, 15 мәлимлеме-бюллетень, 395 и веб-сайттан ибарат. Бар телерадиоканаллардың 66 процентин, баспалардың 50 проценттен асламын мәмлекетлик емес хабар қураллары қурайды. Ғәрезсизликтен бурын республикамызда 395 ғалаба хабар қуралы болып, олардың дерлик барлығы мәмлекетке қараслы еди.

Елимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыўда мәмлекетлик емес ғалаба хабар қураллары әҳмийетли роль атқармақта. Раўажланыўдың әҳмийетли факторларынан болған пикирлер рәңбәреңлигиниң қәлиплесиўинде ғалаба хабар қураллары салмақлы орын ийелемекте.

Тараўда әмелге асырылып атырған реформалар заман талабына сай кадрлар таярлаў мәселесин жүзеге шығармақта. Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 24-май күни «Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы тарийхый ҳүжжет болды.

Усы қарарда ғалаба хабар қуралларының барлық түрлери ушын кадрлар, соның ишинде, бир неше шет тиллерди билетуғын халықаралық журналистлер, илимий-педагог кадрлар таярлаў университеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан етип белгиленген. Дүньяда тезлик пенен болып атырған глобалласыў процесинде информацияның шешиўши күшке айланып атырғаны, миллий журналистикамыздың раўажланыўы, бүгинги жағдайы ҳәм келешегине байланыслы мәселелерди терең үйренген ҳалда елимиздиң информация сиясатын жетилистириў, бул бағдарда алып барылып атырған илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў әҳмийетли бағдарлардан есапланады.

Тараў хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў, жаңа дөретиўшилик пәрўазларға шақырыў, кәсиплик маманлығын ҳәм шеберлигин жоқарылатыў бағдарындағы жумыслардың көлеми күн сайын кеңеймекте. Бундай ис-ҳәрекетлер журналистикамыздың раўажланыўына хызмет етип атырған түрли таңлаўлар, дөретиўшилик беллесиўлер, грант жойбарлар, социаллық бағдарламаларда да өзиниң айқын көринисин таппақта.

Усы күни Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Жылдың ең белсенди журналисти» республикалық таңлаўының жеңимпазларына ҳәм лауреатларына да сыйлықлар тапсырылды.

Байрам илажына қатнасыўшылар ушын Өзбек Миллий академиялық драма театры көркем өнер ғайраткерлериниң атқарыўында белгили жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың «Ақ кеме» шығармасы тийкарында спектакль қойып берилди.

Усы күни Ташкенттиң Ғафур Ғулам атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағында байрам сейиллери даўам етти.

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы