Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, сиз, әзийзлерди, тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан ҳүрметли ветеранларымызды 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлаў, барлығыңызға терең ҳүрмет-иззетимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдириў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Жәмийетимизде демократиялық қәдриятларды қәлиплестириў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, дүньяда ҳәм елимизде  жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий процесслер, ўақыя-ҳәдийселер  ҳаққында тез ҳәм ҳақыйқый мағлыўматлар жеткериў бойынша сиз, баспасөз хызметкерлериниң пидәкерли мийнет етип атырғаныңызды халқымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.

Сизлер сыяқлы мың-мыңлаған ҳүрметли кәсип ийелериниң ис-ҳәрекетлери, қәбилети ҳәм шеберлиги менен  елимиз ғалаба хабар қураллары халқымыз турмысына, оның қуўанышы ҳәм тәшўишлерине күн сайын жақын болып, Өзбекстанның жаңа, демократиялық көринисин қәлиплестириўде оғада әҳмийетли роль атқармақта.

Ғәрезсизлик жылларында елимиз ғалаба хабар қуралларының саны дерлик 4 есеге көбейип, 1500 ге жеткени усы тармақта өсиў, өзгерис процеслериниң избе-из даўам етип атырғанынан дәрек береди.

Ең әҳмийетлиси, тараўдың раўажланыўында әне сондай муғдарлық өзгерислер менен бирге сапа өзгерислери де жүз бермекте. Буны миллий медиа майданымызда пуқаралық жәмийетиниң әҳмийетли шәрти болған мәмлекетлик емес ғалаба хабар қураллары тармағы кеңейип, нәтийжели жумыс ислеп атырғаны, интернет журналистикасының жедел раўажланып баратырғаны мысалында анық көриў мүмкин.

Соңғы ўақытта ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң демократиялық процесслер, пуқаралық жәмийетин қурыўдағы орнын ҳәм абыройын, жергиликли газеталар, теле-радиокомпаниялардың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў, ең тийкарғысы, баспасөзде пикирлер, көзқараслардың ҳәр түрлилигин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли жумыслардың әмелге асырылғаны сизлерге жақсы белгили, әлбетте.

Газеталарымызда, теле-радиоканалларымызда жәриялылық, таллаў ҳәм әдил сын көзқарас руўхының күшейгени, тиккелей сырт еллерден таярланып атырған материаллар санының көбейип атырғанын биз ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз.

 Бүгин биз дүньядағы  алыс-жақын мәмлекетлер менен бирге ислесиўди беккемлеп, елимиздеги демократиялық өзгерислерди еле де тереңлестириўге умтылар екенбиз, басқа тараўлар қатарында ғалаба хабар қуралларының жумысы бойынша да еле көп жумыс ислеўимиз керек екенлигин жақсы түсинемиз. Ғалаба хабар қураллары сөзде емес, әмелде «төртинши ҳәкимият» дәрежесине көтрилиўи зәрүр. Бул – заман талабы, реформаларымыздың талабы.

Биринши гезекте медиа тармақларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, оларды халық пенен пикирлесиўдиң исенимли қуралына айландырыў, заманагөй мәлимлеме хызметлериниң базарын, саламат бәсекилик орталығын қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер турақлы итибарымыз орайында болыўы керек.

Сол мақсетте парлементимиз тәрепинен әмелдеги нызам ҳүжжетлерине мәлимлеме тараўын буннан былай да демократияластырыў ҳәм раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша белсене жумыс алып барылып атырғаны, айрықша итибарлы болып табылады.

Бул бағдарда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў, оның материаллық-техникалық базасын жақсылаў, қәлем ҳақы муғдарын арттырыў, дөретиўшилик жәмәәтлер менен ири компаниялар ҳәм хожалық бирлеспелери, банклер арасында «дослар клублары»н шөлкемлестириўге қаратылған әмелий жумысларымызды атап өтиўимиз зәрүр.

Ғалаба хабар қураллары ушын заманагөй кадрлар таярлаў системасын жетилистириў мақсетинде жақында үлкен үмитлер менен Өзбекстан журналистика ҳәм ғалабалық коммуникациялар университетин шөлкемлестиргенимизден хабарыңыз бар.

Усы жоқары билимлендириў орны тараўда ерисилген жетискенликлерди ҳәр тәреплеме үйрениў, журналистика илими, оның илимий-теориялық тийкарларын, заманагөй медиатехнологияларды терең өзлестириў, халықаралық стандартлар дәрежесиндеги жоқары қәнигели кадрлар таярлаў имканиятын береди.

Әлбетте, ғалаба хабар қураллары тараўында әмелге асырылып атырған, әне, усындай жумыслардың барлығы Өзбекстан журналистикасының дүнья мәлимлеме майданында мүнәсип орын ийелеўи ушын беккем тийкар жаратады.

Ҳүрметли ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!

Ҳәзирги ўақытта турмысымызда әмелге асырылып атырған модернизациялаў ҳәм жаңаланыў процесслериниң тийкарғы мәнисин халқымызға жеткериў, адамларды жаңа шеклерге қарай бағдарлаў, алдымызға қойған ўазыйпаларды сапалы әмелге асырыўда сизлердиң тәсирли сөзиңиз, белсенди гражданлық позицияңыз суў менен ҳаўадай зәрүр.

Ҳақыйқатында да, ҳәр қандай қурамалы шараятта да әдиллик принципине, өзиниң турмыслық ҳәм дөретиўшилик принциплерине садық қалыў, адамларды қыйнап атырған кемшиликлер ҳәм машқалаларды исенимли түрде көтерип шығыў, оларды сапластырыў ушын жәмийетшиликтиң пикирин қәлиплестириўге, бәринен бурын, сиз сыяқлы руўхый мәртлик ийелери ғана уқыплы болып табылады.

Биз жәмийетимизде жәриялылық, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде, ҳуқықый демократиялық мәмлекет тийкарларын беккемлеўде сизлерге, сизлердиң билим ҳәм қәбилетиңизге сүйенемиз.

Әсиресе, турмыслық ҳәм кәсиплик тәжирийбеңизди жасларға үйретиў, оларға заманагөй пикирлейтуғын, Ўатан ҳәм халық мәпин мүқәддес деп билетуғын, саламат ҳәм бәркамал инсанлар етип тәрбиялаўда көпшиликке өрнек ҳәм үлги боласызлар, деп исенемен.

Өз-өзинен белгили, елимиз ғалаба хабар қураллары  хызметкерлериниң жумыс ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, олардың  машақатлы ҳәм жуўапкершиликли мийнетин мүнәсип баҳалаў ҳәм хошаметлеў, тараўдың раўажланыўына итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў буннан былай да биз ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалады.

Әзиз ҳәм ҳүрметли дослар!

Сизлерди Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Барлығыңызға терең денсаўлық, ийгиликли жумысыңызда табыслар ҳәм әўметлер, шаңарақлық бахыт, үйлериңизге тынышлық-татыўлық, пайыз – берекет тилеймен.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 27-июнь