Пайтахтымыздағы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы жыйналыс болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан кейин Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов илаж қатнасыўшыларын кәсиплик байрам менен қутлықлап, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен баспасөз ҳәм мәлимлеме тараўын басқарыўды жетилистириў, Журналистлер дөретиўшилик аўқамының, ғалаба хабар қуралларының, Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң жумысларын буннан былай да раўажландырыў, тараў хызметкерлериниң мийнетлерин хошаметлеў бағдарында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар турмысымыздағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлеги есапланған ғалаба хабар қураллары ҳаққында сөз еткенде барқулла жаңалыққа умтылып жасайтуғын, әдиллик ҳәм ҳақыйқатлықтың жанкүйерлери, жәмийеттеги ҳәр қандай мәселе ҳәм машқалаларды өткир көзқарас пенен көтерип шығатуғын, жоқары талант
ийелери – дөретиўши инсанлар көз алдымызға келеди. Сонлықтан да елимиз ғәрезсизлигин және де беккемлеў, оның социаллық-экономикалық раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў, миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы менен байланыслы басқа да ийгиликли ислерге қосып атырған үлеси жоқары баҳаланып келмекте.

Быйылғы жылы «Қарақалпақстан» баспасы өзиниң 90 жыллық, районлық «Тўрткўлнома» газетасы 85 жыллық, «Шоманай нуры» газетасы 65 жыллық,
«Давр кўзгуси» газетасы 40 жыллық, тараўлық «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы 25 жыллық, «Устаз жолы» газетасы 20 жыллық қутлы сәнелерин кең түрде белгилеўи – қарақалпақ журналистикасы мүнәсип раўажланыў басқышларынан өткенин және бир мәрте дәлиллейди.

Сондай-ақ, илажда Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими баслығы, академик Н.Айымбетов, «Қароқалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы Н.Матякубова,   Беруний районы «Халқ минбари» газетасының редакторы Л.Хожаниязова ҳәм басқалар жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады. Бир топар баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлы саўғалары тапсырылды.

Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.