Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген  таңлаўда Қарақалпақстан хабар агентлигиниң www.kknews.uz   сайты «Ең жақсы интернет сайтларында жарытылған мақала» номинациясы бойынша биринши орынды ийелеп, таңлаў жеңимпазы болды.

Буннан тысқары хабар агентлиниң шолыўшылары Даўыт Абибуллаев «Ең жақсы баспасөз мақаласы» бағдары бойынша екинши, Тәрбия Сейтназарова «Интернет тармақларындағы социаллық тармақ арқалы ең жақсы информациялық мағлыўмат» номинациясы бойынша үшинши орынларды ийеледи.

Кәсиплик байрам қарсаңында таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов жеңимпазларды қолға киргизген сыйлықлары менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, партия өзиниң мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда исбилерменлер ҳәм фермерлердиң турмысы, исбилерменлик субъектлери ушын жаратылған шараятлар, инновациялық идеялар, жаңа технологиялар, ислеп шығарыў, экспорт, туризм киши бизнести раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде ҳәр жылы журналстлер арасында таңлаў жәриялап келмекте. Байрам қарсаңында «Ең жақсы баспасөз мақаласы» «Ең жақсы радио еситтириў» «Ең жақсы телекөрсетиў», «Ең жақсы интернер сайтларында жарытылған мақала», «Интернет тармақларындағы социаллық тармақ арқалы ең жақсы информациялық мағлыўмат» номинация бойынша ең жақсы жумыслар көрип шығылып, жеңимпазлар кәсиплик байрам қарсаңында сыйлықланып келмекте.

Таңлаў жеңимпазлар Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Дипломы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги