Ҳәзирги ўақытта республикамыздың барлық аймақларында биометрикалық паспортлары болмаған пуқараларға  паспорт тапсырыў ислерин дурыс әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Кегейли районлық Ишки ислер бөлими паспорт бөлимшеси  хызметкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы пуқаралығы ҳаққындағы нызамға муўапық ҳәм Өзбекстан Республикасында паспорт системасын жетилистириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң  пәрманы тийкарында район пуқараларының биометрикалық паспорт алыўы ушын жумысларды қызғын әмелге асырылмақта.

– Ҳәр бир инсанның пуқаралығын тастыйықлайтуғын тийкарғы ҳүжжет паспорт болып табылады. Елимизде биометрикалық паспорттың енгизилиўи пуқараларымыз ушын үлкен мүмкиншиликлер жаратады, – дейди пуқара Аман Сейдаметов. – Бизлердиң конституциялық ҳуқықларымыздан пайдаланыўымызда биометрикалық паспорттың әҳмийети үлкен екенлигин түсинген ҳалда паспортларды алыў ушын шаңарағымыз бенен келдик.

Ескертип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 361-санлы қарарына муўапық, пуқараларды биометрикалық паспорт пенен рәсмийлестириў мүддети усы жыл биринши июль күнине шекем болып, сол күннен баслап ески пуқаралық паспорты менен жүрген пуқараларға напақа, айлық мийнет ҳақы, банк, нотариус хызметлери әмелге асырылмайды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.